Ҳәр жылы бәҳәр паслының дәслепки күнинде Өзбекстан халық шайыры, муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы болған Зульфия Исрайилованың туўылған күни елимизде кең түрде нышанланады. Шайыр өзиниң терең лиризмге, сағыныш сезимлерине ҳәм гуманистлик идеяларға толы әжайып қосықлары менен қаншадан-қанша поэзия шайдаларының кеўил төринен орын алған белгили шайыр есапланады.
Жақсы инсан ҳәм талантлы көркем сөз шебери сыпатында оның өмири ҳәм дөретиўшилик жолы елимизде жасап атырған көплеген ҳаял-қызларға үлги мектеби болып хызмет етип келмекте. Өмирлик жолдасы, белгили қәлем ийеси, шайыр Ҳамид Алимжан дүньядан өткен ўақытта Зульфия шаңарақлық бахыттың жемислерин енди ғана татып баслаған оғада жас келиншек еди. Көз ашып көрген сүйикли ярынан аманат болған гүлдей еки перзентине ҳәм әке, ҳәм ана болып тәрбия берип, үлкен арзыў-үмитлер менен кәмалға келтиреди. Өмирдеги ең жақын инсанын жоғалтыў ҳәр бир инсан ушын аўыр мүсийбет саналады. Зульфия шайыр өмириниң соңғы демлерине шекем сүйикли ярының яды менен жасап, оған болған мөлдир меҳир-муҳаббатын, жүрек сағынышын, айтқысы келген кеўил сөзлерин ақ қағазға төгип салып, оқыўшылардың жүрегине жетип баратуғын мазмунлы қосықларды дөретти. Поэзия арқалы өзине жубаныш изледи. Ҳәр бәҳәр келгенде өмирлик жолдасының ысық дийдары, оның менен өткерген бахытлы күнлери, гүлленген жаслық мәўритлери көз алдында сәўлеленип, жыллы сезимлери қосықларына арқаў болды.
Көпшилик әдебият ықласбентлерине таныс «Бәҳәр келип сени жоқлады» қосығын ҳәр сапары оқығанымызда кеўлимиз елжиреп, шайыр талантына тәсийин қаламыз. Қәлем ийеси инсан өмириндеги орны толмас жоғалтыўды тәбият мәўсимлериндеги өзгерислер, қубылыўлар арқалы шебер жеткере алған. Сүйгенин бир өмир жүрегинде сақлап, опадар болып, мөлдир сезимлерин арнаған шайырдың өмиринен жас әўладлар өрнек алсақ арзыйды.
Көплеген қарақалпақ шайырлары Зульфия Исрайилованың поэзиясынан илҳәмланып қунлы көркем шығармалар дөреткен. Атап айтқанда, Өзбекстан Қаҳарманы, сүйикли шайырымыз Ибрайым Юсуповтың бир қатар қосықлары Зульфияның айыралық, ҳижран мазмунындағы қосықлары менен үнлес келеди. Бул бир жағынан еки шайырдың жеке өмиринде жүз берген ўақыя-ҳәдийселердиң бираз уқсас екенлиги менен байланыслы шығар. И.Юсупов усындай мазмунда қосықлар жазыў менен биргеликте Зульфияның бир қанша қосықларын қарақалпақ тилине шеберлик пенен аўдарма ислеп, кең оқыўшылар жәмийетшилигине инәм етти. Шайырдың поэтикалық шеберлиги сонда, бул қосықлар өз ана тилимизде жазылғандай тәсир қалдырады. Зульфияның И.Юсупов тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарма етилген «Мушайра» қосығында ҳинд елинде болып өткен умытылмас поэзия ақшамы ҳаққында сөз етилип, бул кешеде дүньяның көплеген еллеринен қәлеми өткир дөретиўшилердиң мийман болып, өз шеберлигин, шайырлық талантын ҳәм сөз саплаў өнерин көрсеткенлигин, поэзия кешесиниң дослық сезимлериниң еле де беккемлениўине алып келгенлигин эмоционал тәсиршеңликте көркем сәўлелендиреди. Қосықты оқып отырып, түрли миллет ўәкиллериниң татыўлығына, өз халқының арзыў-әрманларын жеткерип бериў жолындағы көркемлик изленислерине сүйсинемиз.
Улыўма айтқанда, Зульфия Исрайилова өзиниң терең мазмунлы шығармалары менен оқыўшыларды адамгершиликли болыўға, муҳаббатты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаўға, халықтың миллий қәдириятларын улығлаўға шақырды. Шайырдың қосықлары бүгинги дәўирде де өз қунын жоғалтпастан, поэзия шайдалары тәрепинен сүйип оқыла беретуғынлығына исенемиз.
Амангүл МАШАРИПОВА,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ тәрбияшы-педагогы.
