4. МАҚТАНЫШ ҲӘМ ЖУЎАПКЕРШИЛИК

(Мақалалар циклинен)

Жаңаланыў ҳәм жасарыў, әжайып әййям бәҳәр мәўсиминиң биринши күни Президент стипендиясы ийеси, гөззал қызымыз Дурдона Акманованың ерискен жоқары нәтийжеси ҳаққында мақала жазар екенмен, толқынланып ҳәўесленгенимди жасырмайман. Себеби, бүгинги күнде жаслардың билим алыўына, илимий изленислер менен шуғылланыўына, сондай-ақ өз талантың көрсетиўине үлкен итибар қаратылған. Ол мүмкиншиликлерден толық пайдалана алған. Ўақыттан утымлы, имканияттан шыңланыўларға қәдем таслай алған Дурдона жоқары стипендияға еристи.
– Мектепте билимниң тийкарғы басқышын үйренер екенмен, математика пәнине оғада қызықтым. Пәннен билимлер беллесиўине, таңлаўларға қатнастым. Негедур 7-класымнан баслап спорттың велоспорт түрине қызығыўшылығым оянып, шынығыўлар ислеп, келешек режелеримди иске асырыўды әрманладым. Арадан бир жыл өтип велоспорт бойынша чемпионат ҳәм кубок жарысларына қатнасып, 2019-жылы Велоспорт–шоссе жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионатында 3-орынды, 2020-жылы Велоспорт – МТВ жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионы болдым.
Усындай нәтийжелерим ҳәм спортқа деген қызығыўшылығым себепли 2022-жылы Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалына грант тийкарында оқыўға кирдим. Оқыўға кирип спорт пенен шуғылланып ғана қалмастан өзимди илимде де сынап көрдим. Илимий басшым Султанбек Тойлибаевтың илим барысындағы жол-жобасы менен биргеликте мақала ҳәм тезислерди баспадан шығардым.
Ең талантлы, билимге умтылыўшы, илимге қызығыўшы, жоқары нәтийжелерге ерискен жасларға берилетуғын жоқары сыйлық – бул Президент стипендиясы. Ҳәмме жаслар жетисиўди әрман еткен Президент стипендиясы жеңимпазы болғанымнан жүдә қуўанышлыман. Мақтаныўға ылайық, соның менен бирге жуўапкершилиги күшли бул исенимди ақлап, велоспорт түрин және де раўажландырыў жөнинде илимий жумысларымды даўам еттиремен, – дейди Президент стипендиясы ийеси Дурдона Акманова.
Дурдона Акманова тек ғана спорттағы жетискенликлери менен емес, ал илимий излениўлерге белсене қатнасыўы менен итибарға ылайық студентлер қатарынан орын алған. Ол илимий басшысы менен биргеликте “15-16 жастағы велоспорт спорты менен шуғылланыўшы қызлардың физикалық сыпатларын жетилистириў методикасы” темасы шеңберинде илимий-методикалық жумыслар алып барып, жәми 22 илимий жумыс, соннан жоқары аттестация комиссиясы дизимине киргизилген Республикалық илимий журналларда 2 мақала, сырт ел илимий журналларында 4 мақала, Халықаралық әнжуманларда 7 ҳәм Республикалық әнжуманларда 7 тезис және 1 методикалық қолланба шығарған.
Усындай өзиниң илимге қызығыўшылығы ҳәм белсендилиги менен теңлеслеринен озық болып, бакалавриат ушын шөлкемлестирилген Паҳлавон Маҳмуд атамасындағы мәмлекетлик стипендиясына өткен жылы миясар болған.
Дурдона спортта ғана емес, илим ҳәм тил тараўларындағы потенциалын халықаралық көлемде де дәлиллеген. Ол рус тили бойынша халықаралық олимпиада да 1-орынды ийелеп, “Спорттың базалық түрлери” бойынша өткерилген Пүткилроссия онлайн олимпиадасында 1 дәрежели диплом менен сыйлықланған болса, инглис тилин де табыслы өзлестиргенин халықаралық интернет олимпиадасында 1-орынды ийелеўи менен көрсете алған.
Әлбетте, бул жетискенликлер Дурдона Акманованың мийнетсүйгишлиги, спорт тараўына деген қызығыўшылығының нәтийжеси. Оның ҳәр бир мийнети велоспорт тараўының ғалабалығына ҳәм техникалық тийкарларын байытыўға хызмет етери анық.
Президент стипендиясы ийеси болыў үлкен жуўапкершилик екенлигин сезинген Дурдона Акмановадан еле де жоқары нәтийжелер күтемиз ҳәм өз тараўына үлкен жаңалықлар киргизиўине исенемиз.
Зибира Абдиниязова,
арнаўлы хабаршымыз.