Ҳәр ким өзи сүйип, таңлаған кәсибинде ислесе әлбетте, жуўырып-жортып кеўли толып ислейди. Мениң де медицина тараўында ислеп атырғаныма мине быйыл 40 жыл болады екен.
Шынында да аўырып келген бийтапларға туўры емлеримиз, жақсы сөзлеримиз бенен шыпа бағышлаў ҳәр бир инсан ушын үлкен бахыт. Елимиздиң медицина тараўының гүллеп, раўажланыўына қолымнан келгенше үлес қосып атырғаныма жүдә қуўанышлыман.
Мине, елимизге бир қанша байрамларды ертип, гөззал бәҳәр кирип келди. Ҳәр мәўсим алмасыўында биз медицина хызметкерлери инсан саламатлығынан қәўетерленемиз. Бәҳәрдиң келиўи менен аллергия, грипп басқа да кеселликлер ҳәўиж алыўы мүмкин. Сонлықтан, ҳәр бир адам кеселликтиң алдын алғаны мақул.
Денсаўлықтан артық байлықты ҳеш қашан таба алмаймыз. Бирақ, сол денсаўлығымызға итибарлы қарамаймыз. “Ҳәй не қылар дейсең” деп аўырыўды асқынлатып аламыз.
Әсиресе, балалары кеселленсе аналар гүлдей солып қалады. Мен бүгинги күни Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасының “Балалар асқазан-ишек кеселликлер”и бөлиминде ислеп атырман. Бул жер 30 орынға мөлшерленген. Бөлимимде үш шыпакер, жигирма мийирбийке, он үш тазалық буўыны хызметкерлери ислейди. Еле тили жоқ, аўырыўын айтып түсиндире алмайтуғын балалар менен ислесемиз. Неше жыллардан бери балалар менен ислескен соң оларды түсиниўге ҳәрекет етемиз.
Ҳеш бир бала аўырмасын. Меҳир көзлери менен қарап жататуғын балаларға укол салып, дәри бергенде жүрегиң “сызлайды”. Олардың аўырыўына шыпа табыўда шыпакерлер менен бир сапта турып, хызмет етемиз.
Мәўрити келгенде устазларым Қансулыў Матжанова, Орынгүл Сайтова, Қалбийке Үсеноваларды ҳүрмет пенен атап өтпекшимен. Олардан үйренгенлеримди бүгинги күни шәкиртлерим А.Қосымбетова, А.Аўезова, Р,Баўетдинова, В.Матжанова ҳәм басқаларға үйретип, устазлық етип киятырман.
Ҳәр қашан кәсибим менен мақтаныўдан жалықпайман.
Бүгинги күни мәмлекетимиз тәрепинен медицина тараўына көп ғана мүмкиншиликлер жаратылып берилип атыр. Заманагөй технологияларда ислеймиз. Яғный, компьютер Дмед бойынша жумыс алып барамыз.
Келешегимиз болған нәрестелердиң денсаўлығына жуўапкер екенимизди ҳәр бир минутта умытпаўымыз керек. Олардың аўырғанына аналарындай қыйналамыз.
Азанлы-кеш емлеўханада жуўырып-жортып ислегенликтен ўақыттың қалай өтип кеткенин де билмеймиз.
Сол себепли өз кәсибимди мақтаныш етип, сизлерге айтып атырман.
Мине, бүгин мүбәрек рамазан айында, қалаберсе байрам қарсаңында турмыз.
Республикамыздағы барлық ҳаял-қызларымызды гөззал бәҳәр ҳәм 8-март халықаралық ҳаял-қызлар байрамы менен шын қәлбимнен қутлықлайман. Байрамда машақатлы ислеримизден дем алып, байрамлаймыз. Елимиз тыныш болсын. Тыныш елге ғана байрамлар жарасады.
Зоя Орынбаева,
Республикалық балалалар жуқпалы кеселликлери емлеўханасының “Балалар асқазан-ишек кеселликлер” бөлиминиң үлкен мийирбийкеси.
