Елимизде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат жаңа басқышқа көтерилмекте. Мәмлекетимиз басшысының жақында Көксарай резиденциясында жаслар менен болып өткен ушырасыўы ҳәм сөйлесиўинде олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, стартап ҳәм инновациялық жойбарларды раўажландырыў бойынша белгилеп берилген баслы ўазыйпалар бул бағдардағы жумысларды буннан былай да системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Президентимиз тәрепинен алға қойылған басламалар, ең алды менен, ҳәр бир жастың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелеўи, шет тиллерин жетик үйрениўи, санлы көнликпелерге ийе болыўы ҳәм мийнет базарында мүнәсип орын табыўын тәмийинлеўге бағдарланғаны менен әҳмийетли есапланады. Өйткени, бүгинги глобалласыў шараятында бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли мәселеге айланды.
Бүгинги күнде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 13 мыңнан аслам студент-жаслар билим алмақта. Институтта студентлердиң заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўын тәмийинлеў мақсетинде шет тиллери, мәлимлеме технологиялары, сондай-ақ, санлы саўатлылық бағдарларында қосымша оқыў курслары шөлкемлестирилген. Бул курслар арқалы жаслардың мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, оларды заманагөй кәсиплерге бағдарлаў мақсет етип белгиленген.
Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен атап өтилгениндей, жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, олар ушын қаржы ресурслары ҳәм жеңилликли кредитлер көлемин кеңейтиў, стартап жойбарларға инвестицияларды тартыў бойынша белгиленген ўазыйпалар жаслардың экономикалық белсендилигин арттырыўға хызмет етеди. Бул болса, өз гезегинде, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инновациялық идеяларды турмысқа енгизиў ҳәм елимиз экономикасын беккемлеўдиң тийкарғы факторы болып табылады.
Институтта питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, оларды турмысқа енгизиў мақсетинде «Келешекке қәдем» орайының жумысы жолға қойылды.
Бул орайда тийисли банклердиң жуўаплы хызметкерлери, сондай-ақ, белгили исбилерменлер қатнасыўында «Бизнес идеядан таяр жойбарға шекем» атамасында семинар-тренинглер өткерип келинбекте. Соның нәтийжесинде, ҳәзирги ўақытқа шекем институттың 69 студентине улыўма 2 миллиард 220 миллион сумға шамалас муғдардағы кредит қаржылары ажыратылды ҳәм олар өзлериниң исбилерменлик жумысларын баслап жиберди.
Жаслар менен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды институт көлеминде нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде:
1) Студентлер ушын шет тиллери, IT ҳәм заманагөй кәсиплер бойынша бийпул ямаса жеңиллетилген курслар шөлкемлестириў;
2) Жаслардың инновациялық жойбарларын сайлап алыў, менторлық системасын енгизиў ҳәм инвесторлар менен байланыстырыў;
3) Бизнес жоба дүзиў, грант ҳәм кредит алыў механизмлери бойынша «Келешекке қәдем» орайы жумысларының нәтийжелилигин арттырыў;
4) Волонтёрлық, экология ҳәм руўхый-ағартыўшылық бағдардағы басламаларды, социаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў;
5) Илим ҳәм инновацияларды интеграциялаў – студентлердиң илимий исленбелерин өндирис пенен байланыстырыў, әмелият базаларын кеңейтиў бағдарында алдымызға жоқары мақсетлерди белгилеп алдық.
Айрықша атап өтиў орынлы, жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар олардың инталылығы ҳәм батыллығы менен үйлескен жағдайда ғана жоқары нәтийжелер береди. Ҳәр бир студент өз алдына анық мақсет қойып, билим ҳәм тәжирийбесин арттырыўға умтылса, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосады.
Бүгин биз, жоқары билимлендириў тараўы жуўапкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға белсене қатнасыў, жаслардың ҳәр бир идеясын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жетик кадрлар болыўы ушын зәрүр шараят жаратыўды өзимиздиң тийкарғы ўазыйпамыз деп есаплаймыз.
Өйткени, Жаңа Өзбекстанның ертеңги күни – билимли, инталы ҳәм ўатанға муҳаббаты жоқары болған жаслар қолында.
Алишер Уббиев,
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры.
