Өз дәўиринде пахташылықтан даңқ таратып, сол тараўдан ҳүрметли академик дәрежесине жетискен атақлы пахтакеш, пидайы инсан Шамурат ата Муўсаев 1890-жылы Шымбай районындағы сол ўақыттағы Ю.Ахунбаев атындағы колхозында туўылып-өсип, кәмалға келди. Кейнинен “Кеңес” ҳәм У.Юсупов атындағы совхозларға айландырылды.
Ол 1958-жылға дейин сол колхозда звено баслығы, бригадир болып ислеп, республикамыздың арқа аймағында ғаўашадан жоқары зүрәәт жетистирип, ҳасылдарлықты гектарына 65-70 центнерге жеткерген нағыз пахтакеш дийқан болды. Оның бул мүнәсип хызметлери ўақтында ылайықлы баҳаланып, бир қанша орден ҳәм медаллар менен сыйлықланды. Үш мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланды. Сол ўақтағы Аўқамның мийнет қаҳарманы.
Республикамызда пахташылық тараўының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан белсенди пахтакеш Шамурат ата Муўсаев өзине исенимли шәкирт таярлаўды да дыққат-итибарынан шетте қалдырған жоқ. Оның ең бир исенимли, кеўлинен шыққан шәкирти мениң әкем Досназар (Досеке) Қосназаров болды. Екеўи егиз-қозыдай бирге жүрип, бир-бириниң пахта атызларының жағдайларын көзден кеширип, пикирлесип, тәжирийбелер алмасып туратуғын еди.
Мениң әкем Шымбай районындағы “Кеңес” совхозының сол ўақыттағы “Москва” бөлиминде көп жыллар даўамында звено баслығы болып ислеп келди.
Шамурат атаның дурыс бағдар берип, ҳасылдарлы сортларды таңлаўына, ғаўашаның қатар арасына агротехникалық қәделер тийкарында тәрбия берилиўине жақыннан жәрдемлесиўи нәтийжесинде пахтадан мол ҳасыл жыйнап алынып буның есесине әкем мәмлекетимиздиң ең жоқары орден ийесине айланды.
Шамурат ата Муўсаев 1973-жылы 83 жасында әлемнен өтти. Оның пахташылық тараўын раўажландырыў бойынша алып барған ҳақ нийетли, пидайы ислери бүгинги жас фермерлерге ибрат мектеби болып хызмет ететуғынлығына беккем исенемиз. Мен усындай уллы инсан шәкиртиниң перзенти болғанлығымнан оғада қуўанышлыман.
Идирис Қосназаров.
Сүўретте: атақлы пахтакеш Шамурат ата Муўсаев.
