ХАЛЫҚҚ КӨШПЕЛИ САЎДА ХЫЗМЕТИ

Нөкис қаласындағы барлық мәкан пуқаралар жыйынларында тыныш өмир әдеттегидей даўам етпекте.
Ҳәзирги жағдайды есапқа алған ҳалда халыққа еле де қолайлық жаратыў мақсетинде орынларда арзанлатылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.
– Аймағымызда 705 хожалықта 3369 түрли миллет ўәкиллеринен ибарат халық беккем аўызбиршиликте жасап келмекте,-дейди Нөкис қаласындағы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Уғылхан Дурымбетова.-Бүгинги ярмаркадан халқымыз қуўанышлы. Баҳалары да базарға салыстырғанда әдеўир арзан. Мәселен, айғабағар майы базарда 24-25 сум әтирапында болса, бул жерде 20 сумнан, қумшекер 16-17 мың сум болса, ярмаркада 12 мың сумнан сатылмақта.
Соның менен бирге, аймақ турғынлары арасында айрықша жағдайға бойсыныў, түрли ғәрезли шақырық ҳәм ҳәрекетлерге берилмеў бойынша нураныйлар, ҳаял-қызлар белсендилери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм жаслар жетекшилери тәрепинен кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.