Быйылғы жылы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшыларыныӊ жазғы дем алысын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм олардыӊ кеўилли дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде, усы жылдыӊ 3-июнь сәнесинен баслап он бир орында стационар дем алыў орайлары жумыс баслады.
– Бул орайларда биринши гезекте 1 мыӊ 395, екинши гезекте 1 мыӊ 423 бала кеўилли дем алды, – дейди бизге Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеӊесиниӊ бөлим меӊгериўшиси Гүлмурат Тлепов. – Ҳәзирги күнлери үшинши гезекте 1374 бала дем алмақта. Соныӊ 320 сы «шаӊарақлық балалар үйлери»ниӊ тәрбияланыўшылары, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм кем тәмийинленген шаӊарақлардыӊ балалары болып табылады.
Олардыӊ мазмунлы дем алыўы ушын бул дем алыў орайларында көркем, техникалық ҳәм экологиялық дөгереклер, спорт жарыслар, ҳәр қыйлы викториналар ҳәм конкурслар шөлкемлестирилмекте. Атап айтқанда, «Заковат» викторина ойыны, «Талантлы балалар», «Миллий ойынлар», «Орай мәлийкасы», «Орай султаны» таӊлаўлары, «Кеўилли стартлар», «Спорт саламатлық гиреўи», футбол, баскетбол, волейбол, шахмат-шашка, стол тенниси бойынша жарыслар шөлкемлестирилип, жеӊимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланып келинбекте.
Соныӊ менен бирге, балалардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Ишки ислер уйымлары ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, медицина тараўы хызметкерлериниӊ турақлы нәўбетшилиги шөлкемлестирилген.
Бүгинги күни балалар елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықтыӊ арқасында мазмунлы ҳәм кеўилли дем алмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
