Гүрриң
Арзыў анадай жерде топарласып турған қоңсыларды көрип, жанында бирде жығылып, бирде турып қыйсаңлап киятырған әкесиниң қолтығынан демеўге бойы жетиңкиремесе де, белинен қушақлап сүйеўге тырысты. Балам уялып атыр екен дейтуғын Сәтбай ма, адамларға жақынласыўдан «беглиги» тутып:
– Мени мәс деп турсыз ғой-я, ҳәммеңиз бир тийинсиз, топарыңыз бенен сатып аламан. Ҳә, … – деп дәпинди.
Өз-ара әңгимелесип турғанлар оны елестирмегенсип, былай қарасты.
– Жүр, аға, – деди Арзыў оның қолынан тартқышлап. – Жүр, дем аламыз.
– Не дем? Кимсең маған ақыл үйрететуғын?
Ол тентиреклеп, жармасып жүрген баласына қол көтерди.
– Тийме балаға!
Сәтбай даўыс шыққан тәрепке қарай умтылды.
– Ҳаў, рас маған буйрық берип атырсаңба?
Мәс адам менен жағаласыўды еп көрмеген жигит «барып демиңди ал» деди де, қайырылып үйине қарай адымлады.
– Үйге барайық, аға. Мамам күтип отыр.
– Мә, мамаңа кереги мынаў ғой. Апарып бер, гүм болсын. Мен ҳәзир бараман.
Ол қойнынан бир шийше арақ шығарып, баласының қолына услатты.
– Апарып бер, болмаса ҳәзир мыналар менен ишип қояман.
Сәтбайдан тегинликте қутыла алмаслығын билетуғын қоңсылар әсте тарқаса баслады.
Бала әкесинен көргенди ислеп, қолына услатқан арақты қолтығына тықты да, жуўырып кетти.
Арзыў еле кишкене болса да бәрине түсинеди. Қудайдың қутлы күни усы аўҳал. Ағасының ҳәр күни ишип келетуғыны аздай, анасы менен қосылып үйде және ишеди. Бала бийшара олардың ишип тыныш отырғанына да қайыл. Бирақ, көбинесе бундай «аўызбиршилигиниң» кейни үлкен жәнжеллерге, таяққа айланып кететуғыны жүрегине түседи.
– Жумба! – Арзыўдың изинше есиктен сүйретилип кирген Сәтбай туўры кәтке барып созылды. – Заказыңды есть қылдым.
– Қасында неси бар?
Азаннан бери шекеси шыртылдап жүрген Жумагүл жадырап қоя берди.
– Үйде жегендей ҳеш нәрсе жоқ. О қурақым болған соң, закускасын да есть қылыўың керек еди.
– Басты аўыртпа, нан болса болды.
– Қәне сол нан? Қолтығыңа тығып жораларыңның закускасына алып кете берсең, үйде нан турама?
– Гәпиңди азайт! Болмаса, ҳәзир мына шийше басыңда ойнайды.
– Арзыў!
Еки көзи телевизорда болғаны менен пүткил денеси қулаққа айланып отырған нәресте анасына жалт қарады.
– Ҳе, мама?
– Зилийха апаңа барып кел, бес-алты көк пияз берип турсын. Атызында тирелип турғой, азғана бергени менен таўсылып қалмас.
Бәрҳа барып кел, алып келге жуўыратуғын Арзыўдың үскини қуйылды. Гейде балаларына қоса буның да тамағын тойдырып, қолына «жеп ал» деп бир нәрселерди услата беретуғын Зияда апасына зат сорап бара бериўге уялды. Оның бул ойлары менен есапласып ямаса бәрҳа сорап ишиўге уялып атырған ата-анасы жоқ, бар деген ўақытта яқ десе, урыс басланатуғынын да кеўли сезеди.
– Сәтбай, мынаўың гәп қайтаратуғын болып киятыр. Негизинде буның тәрбиясы бузылып баратыр.
Кәтте жатырған әкеси көзлерин сүзип, бойын тиклегенде, Арзыў есиктен зытып шықты…
Талай мәрте ортаға түсип атырған бул ерли-зайып тилеп алған жалғыз нәрестесиниң обалынан қорқпайды. Әсиресе анасының да араққа үйир болып баратырғаны Арзыўдың кишкене жүрегин езип, сабаққа қатнасы да төменлеп баратыр. Балалыққа салып үйиндеги аўҳалларды умытқаны менен әкесин яки анасын көшениң басында көрсе, саў екенине көзи жетпегенше ойынын қойып, тахтадай қатып турғаны турған. Мәслигин сезсе, балалардан әсте айырылып, алдына шығады. Көшедеги жораларыма сөйлемей өтсе екен, туўры үйге кирип кеткей деп тилейди. Туў анадай жерде киятырғанда жанындағы балалардың «ағаң яки апаң мәс» деген сөзлерин ҳеш-ҳеш еситкиси келмейди.
– Арзыў, – деди велосипедин шуқлап отырған қоңсы бала. – Күнде арақ ише берсе де ағаң менен мамаңды жақсы көресең бе?
– Аўа дә.
Жуўап қысқа болды. Усы қысқа жуўапты айтыўдың өзи Арзыўға еңсат емеслигин жоралары қайдан билсин? Кеўли сайрап турғаны менен ата-анасы Арзыў ушын дүньядағы ең жақсы, ең жақын адамлар екенлигин, қушақлап баўырында еркелеткенде бәрин-бәрин умытатуғынын өзинен басқа ким түсинеди?
– Арзыў, мамаң үйде ме?
Үйин нәзерлеп киятырған 3-4 қоңсы ҳаялды көрип, олардың бийкарға киятырмағанлығын сезди.
– Аўа, үйде.
Ойынын таслап, ҳаяллардың изинен үйге кирген Арзыў кирер аўыздағы мүйеште жатырған арақ шийшелерди азанда өзи-ақ шығарып тасламағанына өкинди.
– Келиң, – деди қоңсыларын көрген Жумагүл кемсалыйқалаў.
Қысқа аманлық-есенликтен соң ҳаяллардың жасы үлкени Сәтбайды сорады.
– Жоқ, – деди Жумагүл үзип алғандай етип.
– Бизлер ақсақаллардан гәп еситип киятырмыз, Жумагүл. Кеше қаяқтан қайтып едиң?
Арзыў бир нәрсе ядына түскендей, сөйлеп отырған ҳаялдың бетине жалт қарады. Анасы үндемегенликтен «Мамам достысының үйине барып еди» дегиси келип аўзын жуплап турды да, өзин иркти.
– Жумагүл, усы көшеге көшип келгениңизде қандай жақсы ерли-зайып едиңиз. Қоныс өзгертсек перзентли болып кетермиз деп нийет етип келдиңиз. Мине, Аллатаалам нийетиңизди қабыл етти, айдай улыңыз бар. Енди екеўиңизди бирден не қудай урды? Анасаң ғой, ең болмаса нәрестеңди сен аясеш. Ортаға алып ақылландырғанның да пайдасы болмай баратыр. Ўәде бересең, ертеңине баяғысы баяғы. Кешегиң бәринен өтип кетипти. Молла да «бул көшениң жасы үлкенлери жоқ па?» деген қусайды.
Арзыў олардың гәплерин еситкиси келмей, аўыздағы өжиреге шықты. Ол ҳаяллардың «кешеги» дегенин жақсы түсинди. Оқыўдан қайтқан ўақытта анадай жерде киятырған анасын көрип тоқтағаны, топланысып биреўди күтип турған ғаррыларға мәс анасын жақынлатқысы келмей қолынын шетке қарай тартқаны, мамасы олар менен сәлемлесемен деп қолын созып баратырғанда ғаррылардың алдында омақазан атып жығылғаны, жуўырып барып етеклерин жаўып, түргелтпекши болғанлары көзиниң алдынан бирме-бир өте баслады. Арзыў сол ўақытта ғаррылардың терис бурылғанларын да аңғарған еди.
– Не деп отырсыз? Ким мәскүнем? Мениң баламды биреўиңиз бағып, биреўиңиз аўқатын писирип берип отырсыз ба? Я сизлерге салмағымыз түсип отыр ма? Жасы үлкен деп сыйлаған сайын баспалатасыз. Айтып барың сол моллаңызға, ҳаялларды өсек етпей жөнине жүрсин. Дәслеп ҳәрким өзиниң үйиндеги келинлерин жөнлеп алсын.
Мамасының шәңкилдеген даўысынан ҳүрейи ушқан Арзыў сыртқа шықты. Келгенлердиң бәри анасын жазғырып атырғанын еситкиси келмес, тезирек үлкейсем, ҳешким ата-анама меннен жақсы түсиндире алмас еди деген қыял менен көше тәрепке қарағаны сол: «Арзыў! Ағаңды машын басып кетти! Ағаңды машын басып кетти!» деп жуўырып киятырған баланы көрип, я үйге кирип мамасына айтарын, я үлкен трасса тәрепке қарай жуўырарын билмей албырақлады…
* * *
Сәтбай емлеўханада комада жатырғанына онлаған күн болып қалды. Оны қағып алған машинаның ийеси «Мәс екен, себепши өзи» деместен, жанын аяған жоқ. Жумагүл ҳәр күни күйеўиниң изинен барып турғаны менен жүдә баўырын үзип қыйналмады. «Күйеўим күнделикли азық-аўқатымызды қол ушы талап етип табатуғын еди. Мен жумыссызбан, енди қалай күн көремиз?» дей берген соң, шофердың әкеси ун-майын, шай-қантын, аўылынан қаўын-қәмегине шекем бир талай етип әкелип таслады. Булар айтпаса да, машинаның астында жампыйып қалған велосипедин төледи.
Арзыў усындай аўыр күнлерде де анасының ҳешкимге билдирмей арақ ишип жүргенин сезер еди. Бирақ, үйиндеги тынышлық, мезгилинде қазан қайнап, оқыўына ўақтында барып-келип атырғаны балалық кеўлин жубатты.Арасында әкесин көрип қайтса, кейин көп ўақытқа шекем ҳешким, ҳәтте балалар менен де иси болмай қалар еди.
– Әкең сени сорап атыр, – деди бир күни емлеўханадан келген анасы кеўилсизлеў кейип пенен.
– Рас па? Үйге қашан қайтады?
– Қайтарса қарық боларман дейсең бе? Тәўир болса дуқтыр не қылсын сениң мәскүнем әкеңди?..
Аналы-балалының сөзлери аяқланбай атырып қапы қағылды. Үйге Арзыў бурын көрмеген 4-5 адам кирип келди.
Жумагүл қаққан қазықтай орнынан қозғалмады, төсек те салмады. Келгенлер мирәт болмаса да, дәстурхан дөгерегине аманат ғана дизе бүкти. Келиншек саўлық сорасқанларға ернин қыбырлатты да, қайтып үндемей есикке таман безирейип отыра берди.
– Бизлер Сәтбайдың бети берман қарап, шыпакерлер енди қәўип артта қалды деген соң келип отырмыз, қызым. Күнде көрип жүрсең, қаққан шофердың әкесимен. Сәтбайды сизлердиң бахтыңызға Аллатаалам бир таслап кетти.Буннан да жаман болыўы мүмкин еди…
– Шыпакерлер тез арада саўалып кетеди деп атыр. Илайым, солай болғай. Баламызға да аңсат ис болған жоқ. Шым-шырқадай бала-шағасы бар. Сәтбай қатарға қосылып кетемен дегенше қарасыўды мойнына алып отыр. Кеширим болса, судта жеңиллеў болатуғын қусайды. Соған үлкен басымызды киширейтип, кеширим хатын сорап келип отырмыз. Сиз Сәтбайдың ата-анасын, көшениң бир-еки жасы үлкенин шақырсаңыз, мәселени ортаға салып сөйлесип алғанымыз мақул шығар.
– Мениң шаңарағыма солардың қайсысының бир шөрек пайдасы бар? – деди Жумагүл жин көзленип. – Ҳешкимди де шақырмайман. Ҳә дегеннен кеширим хат аладымыш. Қашан Сәтбай тик аяғынан жүрип кетеди, соннан кейин болатуғын нәрсе ол. Сәтбайға менсиз қол қойдырып аламан деп жүрмей-ақ қойың, оны емлететуғын өзим. Не аўырманлық болса, жалғыз мениң басыма түседи.
Сонша төрели гәплер, жалынып-жалбарыныўлар Жумагүлге тәсир етпеди. Үмит пенен келгенлер, қуры қол қайтты.
…Сәтбай емлеўханадан аяқ-қолларындағы гипслери менен қайтты. Ҳазары азайғаны менен өзи түргелип аўқатын жейтуғын ҳалда емес. Бул жағдай шофердың шаңарағы ушын да жеңил кешпеди. Сәтбайдың үйиниң ҳәр күнги сүтинен баслап, керекли азық-аўқатының бәри солардың мойнына шөкти.
(Даўамы 8-бетте)
