Быйыл да жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик тест сынақлары басланып кетти. Жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, студент болыў бул кѳпшилик жаслардың алдына қойған ең жоқары нийети. Сонша ўақыт таярланғанлары, билим дәрежеси ѳз нәтийжесин беретуғын пурсатлар жетип келди. Бунда талабан менен бирге ата-аналары ҳәм устазлары да тилеклес болып, бар дыққат итибары қаратылған болады.
Билеги күшли бирди, билими күшли мыңды жығатуғын усындай ўақытта мәмлекетлик тест сынағысыз жоқары оқыў орнына студент болып атырған жаслар да бар. Олар ҳәммемиздиң мақтанышымыз. Айрықша талантлы, билимли жасларымыздың бири- Венера Рейимбаева. Ол Нѳкис қаласындағы 7-санлы мектептиң быйылғы питкериўшилериниң бири. 6-класынан баслап пәнлер олимпиадасында география пәнинен жеңимпазлықты қолдан бермей устазларына ҳәм ата-анасына кѳп ғана миннетдаршылықлар ҳәм алғыслар әкелди.
Быйылғы пән олимпиадасында география пәнинен қалалық басқышта жеңимпаз болып, республикалық басқышта да бириншиликти алып, Ѳзбекстан кѳлеминдеги басқышқа жолламаны қолға киргизди. Бул басқыш Венера Рейимбаеваның келешек жолын белгилеп берди. Яғный, «Пәнлер олимпиадасы»ның Ѳзбекстан республикасы басқышында география пәнинен 78,7 балл топлап сыйлы екинши орынды ийеледи. Әмелий пәнлер Ташкент университети тәрепинен арнаўлы сертификатты қолға киргизди. Усы университетке мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланып, 80млн сумлық ваучер менен сыйлықланды. Пән муғаллими Венера Мәўленбергенованың мийнетлериде инабатқа алынып, хошаметленди. Соныда айтып ѳтиўимиз керек, усы оқыў жылы география пәнинен бир мектептен еки жеңимпаз шықты.
9-класс оқыўшысы Айжамал Қасымова да Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазы болды. Бул әлбетте басқа оқыўшыларға үлкен мотивация болды, мектеп жәмәәтин қуўанышқа бѳледи.
Венера Рейимбаева Ѳзбекстан Республикасы басқышында елимиз атынан қатнасып, пәнлер олимпиадасы жеңимпазы ҳәм барлық пәнлерди айрықша баҳаларға ѳзлестирип алтын медаль менен питкерип атыр. Бул да бир айрықша жетискенлик. Оның ата-анасы да жоқары мағлыўматлы, тәжирийбели муғаллимлер. Әкеси Полат Рейимбаев ҳәм анасы Ҳүрлиман Пахратдинова қызын қоллап-қуўатлап бар имканият жаратып берди.
География пәнине қызығыўшылығы күшли болғаннан соң, керекли китаплар ҳәм глобус, жер жүзиниң географиялық картасы, сиясий картасын кишкенелигинен әперип, ѳзлери де керек жеринде үйретип келди.
– Самарканд ўәлаятында ѳткерилген тийкарғы пән олимпиадасының Ѳзбекстан республикалық басқышында ѳзлеримиз бирге бардық. Тест сораўларын шешиўге 1 саат 20 минут ўақыт берилди. Қызым әдеўир тәшўишленип қыйланып шықты. Себеби, тест сораўлары толық ѳзбек тилинде болды. Айырым терминлер аўдармасын табыўда қыйналғанын айтты. Бир жағынан алдағы ўақытта география пәни бойынша ѳзбек тилиндеги әдебиятларды да оқып барыўы кереклигин түсиндик. Сонда да билими жаман нәтийже кѳрсеткен жоқ. Үйге үлкен қуўаныш пенен қайттық. Мектеп басшылығына ҳәм муғаллимлерине кѳп-кѳп рахметлер айтаман. Алтын медаль менен питкерип және қуўанышқа бѳлеп отыр.
Кѳз тиймесин қызым мәмлекетлик тест сынағысыз студент болып атыр. Солай да болса ѳз қәлеўимиз бенен және жоқары оқыў орынларына кириўге ҳүжжет тапсырды. Онда да бизге жеңиллик бар. Яғный тийкарғы пән география пәнинен басқа қосымша пәнлерден тест сораўларын шешеди. Ал, тийкарғы пәннен жоқары балл солайынша есапланады. Тилегим елимиздиң билимли, қәбилетли жасларының қатары кѳбейе берсин. Ертеңги тест сынақларында сүринбей ѳтиўине тилеклеспен, – дейди анасы Ҳүрлиман Пахратдинова. Венерадағы билимге қунығыў, бул жолда табанлылық оның ата-тегинен ѳтсе де тәәжүп емес. Ол филология илимлериниң докторы Академик (марҳум) Әбдисайыт Пахратдиновтың шаўлығы. Дайы атасы химия илимлериниң кандидаты Әбдирашит Пахратдинов.
– География пәни арқалы дүнья жүзине саяхат еткендей боласаң. Бизлерден ғәрезсиз болған тәбийий нәрселер қызығыўшылығыңды асырады. Бѳлимлери жүдә кѳп. Жер бети, қурамы, жер асты қазылма байлықлары, ҳаўа-райы, бизлерге сезилмейтуғын мудамы ҳәрекеттеги таўлар, таў дизбеклери бәри мени қызықтырады. Келешекте ѳз таңлаған тараўымның жетик маманы болып, ел-халқыма керекли инсан болсам, деймен, – дейди ол.
Жумагүл Ембергенова.
