Ийис гази бул – үйлеримизде пайдаланып атырған тәбийий газ, қатты отын ҳәм басқада жаныўшы затлардың толық жанбаўы нәтийжесинде пайда болатуғын газ. Ийис гази инсан организминиң дем алыў жоллары ҳәм дем алыў органларына күшли тәсир қылады. Ийис гази дем алыў жоллары арқалы организмди, орайлық нерв системасын зәҳәрлейди. Ийис газинен зәҳәрлениў оның ҳаўадағы концентрациясына да тәсир етиў мүддетине байланыслы болады.
Ийис газиниң ҳаўадағы өлимге алып келетуғын концентрациясы 0,08 процентти қурайды. Алды менен биринши жәрдем көрсетиў ушын, зәҳәрленген адамды тез арада таза ҳаўаға алып шығыўы керек. Күнниң ыссы ўақытлары оны далаға алып шыққан жақсы. Қысқа-қысқа дем алғанда ямаса дем алыўы тоқтап қалғанда жасалма дем бериледи. Денени уўқалаў, аяқларға грелка қойыў, азырақ нашатырь спиртин пайдаланыў зәҳәрлениўди тоқтатыўына алып келеди. Зәҳәрленгенлерди емлеўханаларға жатқарыўы керек, себеби азырақ ўақыт өткеннен кейин өкпе ҳәм нерв системаларында аўырыўларға алып келиўи мүмкин. Емлеўханадан шыққаннан кейин наўқаслар терапевт ҳәм невропатолог бақлаўында болыўы шәрт. Егер наўқастың жағдайы жақсы болса, денениң жоқары бетин қысып турыўшы кийимлерден босатылады, ыссы шай ҳәм кофе ишкизеледи.
Тәбийий ҳам ийис гази менен зәҳәрлениў жағдайлары менен байланыслы айрықша жағдайлар жүз бериўине төмендегилер себеп болыўы мүмкин, яғный, тәбийий газдиң толық жанбаўы ақыбетинде пайда болатуғын ийис газдиң тәсири, үй ишлерин ысытыў системаларына тәбийий газдиң жалғаныўы талапқа жуўап бермеўи, тәбийий газден пайдаланыўда техникалық қәўипсизлик талапларына жуўап бермеўи, ысытыў ушын мөлшерленген печкалар ямаса морылардың саз жағдайда емеслиги, жақсылап тазаланбағанлығы ҳәм басқалар. Ханаға тәбийий газ толып қалғанын сезген жағдайда, тез арада төмендегилерди әмелге асырыў тийис, яғный, хананың әйнек-көзлерин ашып, шамаллатыў, ханада электр үскенелерин жақпаў, жанып турған болса өширмеў, ханада ушқын шығарыўшы затлардан пайдаланбаў, газ қулақларын бекитиў, газ қулақларын бекитиўдиң илажы болмаса ямаса жарылған, сынған ҳәм тесилген жерлери анықланса, дәрҳал газ тармақларының авария хызметиниң 104 номерине хабар бериў керек.
Д.Алламжаров,
Тақыятас районы АЖБ баслығы орынбасары подполковник.
