САЛАМАТЛЫҒЫМЫЗ ТИЙКАРЫ

«Денсаўлықтың қәдирин қәсте болмастан бурын бил» деген даналық сѳзде кѳп мәни бар. Ыссы жан бар жерде кеселлик бар. Бирақ кеселликтиң алдын алыў, кеселликти болдырмаў, күшейтип жибермеў ѳзимизге байланыслы. Ҳәммениң медициналық мәденияты, кѳз қарасы, пикирлеўи бирдей емес. Бундай деп айтыўымның себеби медициналық мәденияты, түсиниги үлкен инсанлар ѳз денсаўлығына бийпарық қарамайды ҳәм ең баслысы аўқатланыў тәртиби ҳәм режимине қатаң әмел қылады. «Аўырыў астан» деген ҳикметли сѳзди санасына сиңдирип аўқат ҳәм тазалыққа күшли итибар береди. Азанда уйқыдан турғаннан соң жыллы бир стакан суў ишиўди үйрениўимиз керек. Шынығыў ямаса таза ҳаўада 1-1,5 саат пияда жүрсек ол да денсаўлығымыз ушын пайдалы. Инсан күн даўамында ѳзин тетик, жеңил сезеди.
Ҳәзир жаз айы. Әйне писикшилик мәҳәли. Мийўе-палыз дақыллары дастурханымыз кѳрки болса, зейнимизге ѳзгеше бир пайыз бағышлайтуғын ўақты. Ҳәр бир аўқатланыў мәҳәлимизде аўқатқа қосып, ҳәр түрли жеңил салатлар ислеп жесек денсаўлығымызға күшли тәсири бар. Жәнеде күшли, майлы аўқатлар орнына кѳбирек сорпалы аўқатлар жеўимиз керек. Мийўелерден ширели суўлар (кампот) таярлап қоллансаңыз оның пайдасы ѳз алдына. Және бир тәрепи ҳәр қандай таярланатуғын аўқаттың қасына салаттың таярланыўына үлкен итибар қаратыўымыз керек.
Демек, дурыс аўқатланыў ҳәм ўақыт пенен аўқатланыў денсаўлықтың гиреўи екен, ҳәрбиримиз итибар қаратыўымыз керек.

Генжегүл Авезова,
Нѳкис қаласы, 2-санлы шаңарақлық поликлиникасы улыўма әмелият шыпакери.