Креатив методтың абзаллығы

Ҳәзирги күнде ѳсип киятырған жеткиншеклерден жоқары маман кадрлар таярлаў ушын әўели, тәлим мәкемелеринде оқып атырған оқыўшылардың креативлигин (дѳретиўшилик активлигин) асырыўға итибар күшейтиў зәрүр. Бүгингидей глобалласқан жәмийетте заманагѳй билимлерди ийелеў, алынған билимлерди анализ етиў ҳәм әмелиятта қоллаў әҳмийетли болып табылады.
Елимиз басшысы тәрепинен бир қатар әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар анық белгилеп берилмекте. Кәсип-ѳнерге үйретиў, оқытыў мүмкиншиликлерин асырыў, мийнет базарының заманагѳй мүтәжликлерине жуўап беретуғын жоқары маман кадрларды таярлаў, «Бәркамал әўлад» балалар мектеплерин раўажландырыў, мектеплерде тәлим сапасын асырыў, педагог-кадрлардың билим ҳәм маманлығын халық-аралық дәрежеге алып шығыў белгилеп берилген. Бундай үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўда болса биз педагоглардан билим бериў процесинде креативлик пенен жантасыў арқалы, ѳсип киятырған жасларда дѳретиўшилик активликти қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўды талап етеди. Креативлик (дѳретиўшилик) латынша-creation-жаратыўшылық, (дѳретиўшилик) қандай да жаңа, айрықша зат жарата алыў уқыбы, кѳркем форма жаратыў, пикирлеў, идея ҳәм шешимге алып келиўши интеллектуал процесс, шахстың жаңа идеяларды жаратыў ҳәм қабыллаўға тайынлығын сыпатлайтуғын дѳретиўшилик қәбилети.
Бул креатив метод-оқыўшы искерлигинде беккемленип, жаңалықлар жаратыў, ѳз искерлигиниң дѳретиўшилик бағдарларын анықлаўға мүмкиншилик береди. «Кластер», «Ақылый ҳүжим», «Ролли ойынлар», «Киши группаларда ислеў», «Блиц сораў» ҳ.т.б.
Информатика пәнин оқытыўда «Компьютор вируслары ҳәм вирустан қорғаў усыллары» темасын оқытыўда «Күшли группаларда ислесиў» методын қоллансақ болады. Еркин пикирлеўге, шерикликте ислесиў ҳәм бир-бириниң пикирлерин ҳүрмет етиў кѳнликпелерин қәлиплестиремиз.
Гүлжәмийла Маденова,
Қоңырат районы, 1-санлы кәсип-ѳнер мектеби информатика пәни оқытыўшысы.