Республикамызда өткерилип атырған Мәнаўият фестивалы шеңберинде пайтахтымыздағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орналасқан майданнан районларға “Китаплар кәрўаны” жол алды.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм “Маърифат” үгит-нәсиятшылар жәмийети тәрепинен таярланған бул китаплар кәрўаны өз ишине өзбек ҳәм қарақалпақ және жәҳән әдебияты дүрданаларынан ибарат бес мыңнан аслам китапларды қамтып алған.
