Пүткил жәҳән 44-шахмат олимпиадасы женимпазлары ҳәм қатнасыўшыларын сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Жаңа Өзбекстанның даңқын пүткил дүньяға танытыў жолында өзиниң жоқары интеллектуаллық потенциалы ҳәм профессионаллық шеберлигин айқын көрсетип, Ҳиндстанның Ченнай қаласында болып өткен Пүткилжәҳән 44-шахмат олимпиадасында табыслы қатнасқаны ҳәм дүнья мәмлекетлериниң 188 командасы арасынан жеңисликти қолға киргизип, Олимпиада чемпионы деген жоқары мәртебеге ийе болғаны, сондай-ақ, республикамызда спортты кеңнен ғалаба ен жайдырыў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың қәлбинде миллий мақтаныш, мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын:
«Ўзбекистон ифтихори» ҳүрметли атағы менен
Абдусатторов Нодирбек Фазлиддин улы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Вахидов Жаҳонгир Таирович – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Вохидов Шамсиддин Пулат улы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Синдаров Жавоҳир Санжарбекович – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Якуббоев Нодирбек Муродбек улы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спорт устазы» ҳүрметли атағы менен
Егин Владимир Николаевич – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының тренери
Соколов Иван – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының тренери
«Келажак бунёдкори» медалы менен
Бобомуродова Мафтуна Панжиевна – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Маликова Маржона Абдимажид қызы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Омонова Умида Шуҳрат қызы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Ҳамдамова Афруза Акбаровна – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы
Якуббоева Нилуфар Муродбек қызы – Шахмат бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының ағзасы

Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы, 2022-жыл 10-август