Көшпели мәмлекетлик хызметлер орын таңламайды

Инсан мәплерин тәмийинлеў ушын ең алды менен халық пенен сәўбетлесип, олардың өмирлик мәселе ҳәм мүтәжликлерин жақсы билиў айрықша орын ийелейди.
Әлбетте бул халықтың жасаў сапасын ҳәм бизнести раўажландырыўдың имканиятын береди. Усылардан келип шығып халқымызға тек орай арқалы емес бәлким орайға келиў имканияты болмаған алыс аўыллар ҳәм посёлкаларда жасаўшы пуқараларға көшпели хызметлерди көрсетиў ушын орайларымыз «Дамас» автотранспорты менен тәмийинленген. Сондай-ақ, Қоңырат районы орайынан 360 км узақлықта жайласқан «Қарақалпақстан» ППЖда шөлкемлестирилген орай шақапшасы пуқаралар ушын жаратылған және бир қолайлылық болды десек адаспаған боламыз. Пуқараларды социаллық қорғаў, ҳуқықый жәрдем бериў мақсетинде, Қоңырат районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелериниң семинары бул сапары да Қарақалпақстан ППЖ да болып өтти. Посёлка турғынларына талап ең жоқары болған хызмет түрлери яғный: кадастр паспорты, көшпес мүлк, балалар бақшасына арза бериў, архив мағлыўматларын алыў бойынша жәми 60 тан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў менен бир ўақыттың өзинде мәмлекетлик хызметлерден онлайн түрде, мобил версиялар арқалы пайдаланыў бойынша түсиник жумыслары алып барылды. Көрсетилген көшпели хызметлер нәтийжесинде посёлка турғынларының бир қанша ўақты ҳәм әўерегершилигиниң алды алынды. Пуқаралар бүгин орайларымыз тәрепинен көрсетилип атырған бундай хызметлерден шексиз миннетдар.
Азат хам абат журтымызда жасап, ҳәр қашанғыданда көбирек күш-жигер, ғайрат пенен ислеп халқымызға еледе қолайлы ҳәм сапалы хызмет көрсетиўде, елимиздиң буннанда гүллеп жаснаўына өз үлеслеримизди қосыўды даўам етемиз.
О.Адилбаев,
Қоңырат районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.