Балалар раўажланыўының психологиялық өзгешелиги

Мектепке шекемги жастағы балалар шуғылланатуғын дөретиўши хызметлер арасында сүўрет салыўдың әҳмийети оғада үлкен. Баланың қыял етиў характерине көре, оның өмирди қадай қабыл етиўи, есте сақлаў, сәўлелендириўи ҳәм ойлаў өзгешеликлерине баҳа бериў мүмкин.
Бул жастағы балалар ушын жарыс жүдә үлкен әҳмийетке ийе болып, усындай ойынларда жетискенликлерге ерисиў қәлиплеседи ҳәм беккемленеди. Мектепке шекемги жастағы балаларда конструкторлық ойынлары кем-кемнен мийнет хызметине айланып барады. Ойында бала әпиўайы мийнет уқыбын ҳәм мектепке шекемги жастағы көнликпелерин ийелеп баслайды. 3-7 жаслы балалардын раўажланыўында көркем дөретиўши хызмет түри есапланған музыканын әхмийети өз алдына. Музыка арқалы балалар қосық айтыўға қызығып, музыкаға сай ҳәрекет етиўди үйренеди.

Бақша жасындағы балалардың ойын хызмети ҳақкында айтқанда, әлбетте олардың ойыншықлары мәселесине де тоқтап өтиў керек. Балаларға ойыншық бериўде олардын жас өзгешеликлерин, раўажланыў дәрежелерин ҳәм усы ўақытта оларды көбирек нелер қызықтыратуғынлығын есапқа алыў керек.
Бақша жасындағы балалардың ойлаўы ҳәм оның раўажланыўы өзине тән қәсийетке ийе.Ойлаў баланың бақша жасындағы дәўиринде тез пәт пенен раўажланады. Буның себеби, бириншиден, бақша жасындағы балаларда турмыс тәжирийбесиниң бир қанша көбейиўи, екиншиден бул дәўирде балалар сөйлеў уқыбының жақсы раўажланған болыўы, үшиншиден, балалардың еркин өз бетинше ҳәрекет етиў мүмкинлигине ийе болыўлары есапланады. Балаларда ҳәр тараўға тийисли сораўлардың туўылыўы олардың ойлаў процесиниң тезлесиўинен дерек береди. Бала өз сораўларына жуўап таба алмаса ямаса үлкенлер оның сораўына әҳмийет бермесе, ондағы қызығыўшылық жоғала баслайды. Әлбетте ҳәр қандай ойлаў процеси қандайда бир нәрседен таңланыў, ҳайран болыўы ҳәм нәтийжеде түрли сораўлардың туўылыўына себепши болады. Көбинесе, ата-аналар ҳам айырым тәрбияшылар балалар көбирек сораў бере берсе «көп сөйлей берме», «сен бундай гәплерди қай жерден үйрендиң» деп баланы қайтарып таслайды. Бул балада пикирлеў қәбилетиниң раўажланыўына кери тәсир етеди.
Зухра ТАЖЕТДИЙНОВА,
Қанлыкөл районы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияшысы