Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарары

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 14-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҚАРАР ЕТЕДИ:
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 56-«Бердақ» сайлаў округинен депутат Орынбаев Аманбай Тлеубаевич – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайлансын.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңеси Баслығының
орынбасары А.Давлетов