Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына, әсиресе жасларына итибары, меҳри бөлекше. Буны кеше ғана Президентимиздиң Республикамызға қылған сапары даўамында жасларымыз ушын берилген имканиятлардан көриўимизге болады. Атап айтқанда, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында Жасларды қоллап-қуўатлаў фонды арқалы Қарақалпақстандағы жас исбилерменлерге 7 жылға шекемги мүддетке жеңилликли шәртлерде ссудалар ажыратыў, жыл ақырына шекем бәнтликке көмеклесиў фонды есабынан Косон районы тәжирийбеси тийкарында Қоңырат, Нөкис ҳәм Шымбай районларында «Жумысқа мәрҳамат» моноорайларын қурыў бойынша берген тапсырмалары бүгинги күндеги ен әҳмийетли машқалалардың бири жаслар бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли рол ойнайды.
Сондай-ақ, бос турған мәмлекетлик обьектлерде жаслар ҳәм ҳаял-қызларды шет тиллер ҳәм IT курсларына оқытыўды шөлкемлестириў имканиятының жаратылыўы ҳәм бул обьектлер исбилерменлерге 5 жыл мүддетке шекем бийпул пайдаланыўға берилиўи жасларымыздың усы тараўларда жетик қәниге болып шығыўлары ушын шараят жаратады.
Қарақалпақстан Республикасында жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежеси 30-31 процентти қурамақта. Бул болса бизиң бул бағдарда еле де қылынатуғын ислеримиздиң көп екенлигинен дәрек береди. Ал, Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслар ушын ϴзбекстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынларынан өз алдына қабыллаў квоталарының ажыратылыўы болса, Қарақалпақстанда жоқары мағлыўматлы ҳәм бүгинги күндеги зәрүр болған кадрлардың көбейиўине себеп болады.
Әлбетте, жаслар бул имканиятлардан пайдаланыў, оқып излениўи ҳәм өзлериниң айдын келешегин жаратыўы керек. Президентимиздиң исенимин ақлаў ушын жаратып берген шараятлардан мүнәсип пайдаланыўдың өзи жеткиликли болады деп ойлайман.
Усы орында барлық ўатанласларымызды Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллық байрамы менен қутлықлайман. Тынышлығымызға көз тиймесин!
Полат МАХСЕТБАЕВ,
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.
