Китап – адамзат раўажланыўының ең бийбаҳа жемиси. Китаплар әўладларды бир-бирине байланыстырып келеди. Ҳәр биримиз ѳз қәнигелигимизден тысқары әдебий китаплар оқып барыўымыз тийис. Ѳйткени, бул ѳзимизге ҳәм перзентлеримиз тәлим-тәрбиясында да жақсы пайдасы тийеди. Ең баслысы инсаный пазыйлетлерге баслайды. Алымлар тәрепинен китап оқыўдың әжайып пайдалы тәреплери анықланбақта;
1. Алты минут китап оқыў-тынышсызланыўды тоқтатады.
2. Китап оқыў барысында оқыўшы қаҳарманлар менен бирге болады. Олардың қуўаныш ҳәм тәшўишлерине шерик болады. Кѳркем шығармаларды кѳп оқыйтуғын адам ѳмирде де басқалардың сезимлерин жақсы түсинеди.
3. Китап оқыў-инсанның ойлаў қәбилетиниң бир неше күн даўамында жоқары дәрежеде болыўын тәмийинлейди. Ѳйткени нерв талшықларының саны артады екен.
4. Ҳәр сапары китап оқығанда мий белсене ислейди. Оннан алынып атырған мағлыўматларды сақлаў ушын таза талшықлар жаратылады.
5. Китап оқып атырған пайытта бийтаныс сѳзлер де ушырасып турады. Олардың мәнисин улыўма мазмун арқалы да түсинип алыўға болады. Китап оқыў тек ғана сѳз байлығын асырып қоймастан, ал улыўма саўатлылықты да асырады.
6. Китап оқыйтуғын инсанның мәдений ҳәм социаллық турмыста да белсенди болыўы анықланған.
7. Инсан китапты қанша кѳп оқыса, гүрриң етиў қәбилети сонша асады. Керексиз гәплерди кемирек айтып, кереклилерин жақсырақ жеткеретуғын болады.
Китапқа бурылып қарамайтуғын, оқымайтуғын баланың ѳзи болмайды. Тек ғана оларды кишкенелигинен китап оқыўға бағдарлай алыў керек. Дәслепки кѳнликпелерди пайда ете алыўымыз тийис. Жоқарыдағы пайдалы тәреплерин терең түсинип, ҳәр бир ата-ана перзентлери менен бирге китап оқыса әтиптағыларға да ѳз-ѳзинен ѳрнек болады.
Илажы болса үйде ҳәптеде бир күн китапхана ҳәм китапханашы күнин ѳткерсе бул да баланы китап оқыўға бағдарлаўда жақсы нәтийже береди.
Айгүл САБЫРОВА,
Қоңырат районы 23-санлы мектеп муғаллими.
