ҒӘРЕЗСИЗЛИК САБАҚЛАРЫ МЕНЕН БАСЛАДЫ

Биринши қоңыраў

Республикамыздың барлық билимлендириў орынларында 2022-2023-оқыў жылының биринши қоңыраў кешеси, биринши ғәрезсизлик сабақлары басланды.
Пайтахтымыздағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де Ѳзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығы ҳәм Билимлер күни «Жаңа Ѳзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында кѳтериңки руўхта ѳткерилди.

Кешени мектеп директоры Қуўанышбай Бегжанов ашты ҳәм елимизде үлкен қуўаныш пенен ѳткерилип атырған ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлады. Ѳткен оқыў жылында мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириўи ҳәм 5-класс оқыўшымыз Дилназ Махсетбаеваның Президент мектебине қабылланыўы мектеп муғаллимлериниң мийнетиниң жемиси екенлигин айрықша

толқынланыў менен айтып ѳтип, быйылғы оқыў жылында да усындай жетискенликлер ҳәм табыслар кѳп болыўында билим нурын таратыўшы муғаллимлерге руўхый күш-қуўат тиледи.

Оннан соң Қарақалпақстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығы Абдирахман Сапаров шығып сѳйлеп, мектеп жәмәәтин, оқыўшыларды жаңа оқыў жылы менен қутлықлап, мектеп босағасына жаңа қәдем таслап атырған оқыўшылардың қәдеминиң қутлы келиўине сәтли сапар тиледи.
Оннан соң қарақалпақ, қазақ, рус классларына қабылланып атырған қәлби таза, бийғубар оқыўшылардың асығып күткен Президент саўғалары тапсырылып, мектеп парталарына отырғызылды.
Жаңа оқыў жылының биринши қоңыраўының жағымлы сеслеринен соң Ғәрезсизлик сабақлары «Жаңа Ѳзбекстанда

ел әзиз, инсан әзиз» темасында ѳткерилди.

Зибира АБДИНИЯЗОВА.
Нөкис каласы, 23-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.2022 125