– Бүгин ата-енем Ташкентке санаторияға кетти.
– Поезда ма?
– Яқ, самалётта. Пенсиядағыларға 50 пайызға билети арзанласқан.
– Қандай зор болған! Мениң де пенсияға шыққым келип кетти ғой.
– Ата-енем неше жыллар халыққа хызмет етти. Соның жемиси, мине енди қыдырып жүр.
– Жеке тәртипте исбилерменлер тәрепинен тѳленетуғын социаллық салық 6 есеге азайып, есаплаў муғдарының 1 есеси муғдарында белгиленди. Бул бизлер ушын ең жақсы жаңалық болды.
– Қашаннан бери?
– Президент келип кетип, усындай дәстүрге қол қойған соң дәрҳал иске асты ғой.
– Жақсы болған екен.
Бул халықтың ишинен еситкен күнделикли сѳзлер. Оларға алып-қосқан ҳеш нәрсем жоқ журналистлик «бояў» да берип отырмадым.
Ҳәзир халық ақты ақ, қараны қарадай айта алады. Ѳзим жасайтуғын 20-санлы мәкан пуқаралар жыйынының телеграмм каналындағы ең соңғы жаңалықлардан да келтирип ѳтейин. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң арнаўлы баянламасы тийкарында Нѳкис қаласында 28 мәҳәлледе жолларға ири оңлаў жумысларын ислеў басланған. Соның 5 кѳшеси гѳне қалаға тийисли екен.
Бул мәканға келин болып түскениме 28 жыл болды. Жоллары жазда шаңғыт, қыста ылай болады. Бул машқала бүгинге келип өз шешимин таўып атыр. Усы жылы гѳне қаланың үлкен жолларына асфальт тѳселип, кѳркейип қалды. Кѳп қабатлы үйлердиң қапталына жаңадан балалар майданшасы қурылып берилди. Усы жыл 1-октябрьде аймақтағы муғаллим, устазларды кафеде отырғызып, саўғалар тапсырыпты. Нураныйлар Хийўада саяхатта жүргени ҳаққындағы сүўретли хабарды оқыдым. Ал, 11-октябрь күни «Тумарис» спектакли болыпты. Оған аймағымыздағы онлаған нураный бийпул қатнасыў мүмкиншилигине ийе екен. Жыйын-терим мапазында аймақтан пахтаға барып ел қырманының байыўына үлес қосып ҳәм «ѳз қалтасы» на дәрамат келтирип атырған теримшилер ҳаққында да мағлыўматлар берилипти. Түсте бийпул аўқат берилип, саўғалар менен хошаметленеди екен. Булардың бәри халыққа кѳрсетилген итибар. Аймақтағы кем тәмийинленген хожалықларға жәрдемлер берилип атырғанын ҳәр мәкан мысалында кѳрип атырмыз. Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилгенине де бир айдан аслам ўақыт болды. Қарақалпақстанда инфраструктураны раўажландырыў жолындағы әҳмийетли бундай Пәрман халықтың абаданлығы жолында енгизилип атырған кѳлемли дѳретиўшилик жумыслар социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжесин кѳрсетип атыр.
Исбилерменлик бойынша мәмлекет инвестициясының сезилерли бѳлеги ѳткен дәўирде Қарақалпақстанға қаратылған ҳәзирги ўақытта 4,5 мың инвестициялық жойбарлар иске қосылған. Әлбетте, бул бәнтликти тәмийинлеў менен бирге, турмысымыздың абаданлығын асырыўға тийкар болды. Усы жыл шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары ушын режедеги 650 миллиард сумға қосымша түрде 200 миллиард сум ажыратылды. Ал, аграр тараўда жылдың ақырына шекем 6 мың 620 гектар, келеси жылы 6 мың гектар пахта ҳәм ғәлле егилген жерлерди қысқартып, халыққа ижараға бериўге рухсат етилди. Сондай-ақ, суўғарылатуғын майданларға егин қәрежетлери ушын ажыратылған фермерлерге 200 миллиард сум ҳәм дийқанларға 50 миллиард сум, суў тәмийнатын жақсылаў ушын 15 миллион сумға шекем субсидиялар ажыратыў ҳәм басқа да финанслық жәрдемлер тастыйықланды.
Қарақалпақстанлы жас исбилерменлерге 7 жылға шекемги мүддетке жеңиллестирилген шәртлер тийкарында ссудалар ажыратылыўы жасларды үлкен мақсетлер жолында тосықсыз қәдемлер таслаўына түртки болды.
Жоқарыда атап ѳтилгениндей 15-сентябрьден баслап майыплар, напақадағылар ушын темир жол, авиабилетлер 50 процентлик жеңилликти тикледи. Қарақалпақстанлылар ушын ажыратылған бундай миллиард, миллионлар артында әлбетте халықтың абадан турмысын жақсылаў, олардың ѳз ѳмиринен разы жасаўларына имканият жаратыўға бағдарланған нәтийжелерди кѳриўге болады. Елимизде инсан қәдири жоқары екенлиги кѳринип турыпты.
Халықты қуўандырған бундай ѳзгерислерди олардың арасына кирсеңиз ѳзлеринен, сѳзлеринен аңсат ғана байқап аласыз. Биз буның менен ҳәмме кемшиликлер сапластырылды, ҳеш қандай машқала жоқ деўден де аўлақпыз. Ҳәр бир тараўда кемшиликлер кѳзге тасланары сѳзсиз. Қәне мысал? – дерсиз. Ҳәзир ядыма келгени билимлендириўде оқыўшыларды оқыўға толық қамтып алыўда кемшиликлердиң жоқ емеслиги. Бир ғана мысал, кишкене қызым мектептиң питкериўши класында оқыйды. Усы қыздың класс басшысы ата-аналар ушын телеграмм каналын ашып қойыпты. Ҳәр күни дерлик оқыўшылардың атларын келтирип сабаққа келмеди, жибериң – деп күйип-писип жазғанларын кѳремен. Бәлким, ол оқыўшылар қосымша таярлықта жүрген шығар? Мениң қызым да таярлықта. Сабағына ҳәр күни ўақтында барыўын қадағалап отырамыз.
– Бир ѳзим бардым, қызлардан-деп гейде налынып келеди.
– Класста бир ѳзиң қалсаң да сабақтан қалма. Ертең тесте тап сол кеткен сабағыңнан сораў түссе не қыласаң?– деймен.
Жақында базар әтирапындағы жағдайды кѳрип, қапа болғаным рас. Мектеп формасындағы 2-3 қыз сегарет шегип тур.
– Қайсы мектепте оқыйсаң? Ҳәзир сабақтың ўақтында бул жерде не қылып жүрсиз? Не ушын сегарет шегесиз?
Бул сораўларға я жуўап алмадым, я олардың уялған жүзин кѳрмедим. «Бул ким?» дегендей оқырайып қарап қойды. Бәлким, мениң алдымда олардың жуўапкершилиги жоқ шығар.
Бирақ, қыз балаға «қырқ үйден тыйыў, бир үйден жыйыў» керек болса олардың бул унамсыз жағдайларына бийпәрўа қарап ѳте алмасым анық. Мектеп оқыўшылары, әсиресе қызлар сегарет шегеди деген не сумлық? Муғаллимлерге де ҳәр бир баланың изинде жүрип, олардың кемшилигин дүзетиў аңсат ис емес. Сол ушын үйде ата-аналар перзентлерине жүдә итибарлы болыўлары керек. Ҳүкиметимиз тәрепинен билимлендириўге қаншадан қанша имканиятлар жаратылып берилип атыр. Солардан пайдаланған жасларға қарап ҳәўесим келеди. Мың шүкир, күни-түни ѳз үйиңнен арқайын шығып, кеште ислеп, оқып және арқайын шаңарағыңа келесең. Ҳеш ким жолыңды тосып, ислериңе кесент бермейди.
«Бийкар жүрмең, келиң, ѳнер үйрениң, ислең, оқың» деп турған қанша арнаўлы жерлер бар. Үйде жатып, «анаў керек, мынаў жетпейди» деместен, сыртқа шығып, халыққа араласып, сонда қызғын ѳмирдиң «дигиршигин»де айланып, ўақыттың босқа ѳтпегенлигин билесиз.
Себеби, бүгин қолды қолға берип, жеңди түрип ислейтуғын дәўирлер келди. Тур, достым, бийкар отырма. Қайсы тараўда да маңлай терлетип ислемесең халық сизден разы болмайды.
А.ТУРЕКЕЕВА.
