ПОЭЗИЯ

Еркин ВАҲИДОВ
ҚЫСМЕТ
Шийрин болсаң, жалап ада етеди,
Ашшы болсаң, талап ада етеди.
Жүрегиңде жалын болса, аяўсыз,
Өз отыңа қалап ада етеди.
1989-жыл.
ШАХЛАР ӘРМАНЫ
Әмел тиймегенлер ишинен бозлап,
Мәртебе нәшесин татсам дер екен.
Ҳәмелге мингенлер бәлентти гөзлеп,
Қәдемди үлкенирек атсам дер екен.

Сәрдар ўәзирликти ҳәр ким түс көрип,
Ўәзир иләж тапса шахты өлтирип.
Ярым күн болса да тахта отырып,
Шан-шәўкат рәҳәтине батсам дер екен.

Шах нени қәлейди, оған өзи не кем,
Улыс ғаўғасынан басы толы ғам,
Тыныш шатпа болса, жарма ишсе ҳәм,
Бирер дем қәтержам жатсам дер екен.
1990-жыл.
БИР НӘЛШЕ
Журтласым, бағыңа бир нәлше қада,
Бул нәлшениң атын Жақсылық ата.
Нәлшениң жанына бир гүл егип қой,
Ол гүлдиң исмин Гөззаллық деп қой.

Гүл ҳәм нәлшеңе бағыш етип ҳаят,
Суў бер ҳәм бул суўға меҳир деп қой ат.
Сеннен перзентиңе бағ қалсын, ҳәй дос,
Бағың Ўатан деген ат алсын, ҳәй дос.
2000-жыл
ШАХМАТ ҮСТИНДЕ
ЖАЗЫЛFАН ҚОСЫҚ
Мен еркек орнында турыўым керек,
Я, қатын айтқанына жүриўим керек.

Қатынның той, лазым, барар жери көп,
Ал десе, ләббай деп турыўым керек.

Ҳә десе, ләббай турыўым ушын,
Үйимде пул завод қурыўым керек.

Үйимде пул завод қура алмасам,
Ең үлкен банкти урыўым керек.
Ең үлкен банкте қолдан келмесе,
Ҳә, десе сылбырап турыўым керек.

Сылбырап турыўшы ереке болғаннан,
Жоқ болып, дүньядан қурыўым керек.

Дүньядан жоқ болып кетпеслик ушын,
Мен еркек орнында турыўым керек.

Яғный, еркеклердиң жумысын ислеп,
Ҳәз етип шахмат данасын сүриўим керек.
1996-жыл.
СУМ БАЛА
Былай деди, қуллық етип,
Гәпти қойып жайына.
Жаңа заман Сум баласы,
Жаңа заман Байына:

«Қасыңызға және келдим,
Қулақ салың, Бай ата.
Шын кеўилден хызмет етсем,
Жумысқа алың, Бай ата.

Пазыйлетим көпдур және,
Айыбымды да айтқанман.
Лекин енди жаңа заман,
Мен жалғаннан қайтқанман.

Себеп, енди жалғанды ҳеш,
Айып деп сирә болмайды.
Алдағанға бәле келмес,
Алданған да өлмейди.

Шәрт емес Сум бала болыў,
Жалған бүгин аңсатдур.
Газет толы, китап толы,
Мәжилис толы жалғандур.

Бир жыйынымыз катибият,
Және бир жыйын райясат1
Жалған енди мәмлекетлик ис,
Жалған енди сиясат.

«Оннан кейин, демей турың,
Қулақ салың, Бай ата.
Шын кеўилден хызмет етсем,
Жумысқа алың, Бай ата.

Он адамлық мийнет етип,
Пәрше нанға тояман.
Бир айыбым бар тек ғана,
Ырас сөйлеп қояман».
Бай атаның ашыўы келип,
Деди кеўлим зар меди?
Жалғаныңа шыдап едим,
Ырас гәпиң де бармеди?

Жоғал, сени иске алсам,
Өзим ўайран боламан.
Жалғаныңнан аман қалдым,
Ырас гәпиңнен өлемен!

Ғәзеп пенен ол ҳасасын,
Қолға алды Бай ата.
Жаңа заман Сум баласын,
Қуўып салды Бай ата.
1. Раясат – президиум.
1991-жыл.
Қарақалпақшаға аўдарған:
К.РЕЙМОВ.