Ҳақыйқатында да, анадан туўылып, көзди ашып, дүньяны таныған ҳәр бир кәмил инсанның, өмирдиң қуўанышлы, шадлы, ғамлы мәўритлерин теңдей бөлисетуғын, қәдир билген қәдирдан дослары болады. Дослық бул бийбаҳа байлық. Дана халқымызда «Мың сумың болғанша, мың достың болсын», «Ашыў араз ақыл дос, ақылыңа ақыл қос» деген ҳикметли сөзлер бар. Мине, сол айтқандай, дослық, туўысқанлық, татыўлық, меҳир-мухаббат, иззет-ҳүрмет, сыйласық бул инсан қәлбинде терең орналасқан мәңгилик тема десек болады. Мәселен, ел менен еллер арасындағы, шаңарақ пенен шаңарақлар арасындағы ҳәм еки адам арасындағы дослық, иззет-ҳүрмет, сыйласық бул инсаният қәлбиндеги тең-тайы жоқ дослықтың нышаны деп түсинемен.
Дослық бул өз гезегинде, адамлар арасындағы уллы сыйласықты, бир-биреўге болған беккем исеним менен меҳир-мухаббатты, шексиз қуўаныш, сағыныш туйғыларын пайда етип инсанларды қайырлы, шарапатлы уллы ислерге рухландырып, жақсылыққа қарай жетелейди. Еки адам арасындағы дослық туйғыларының жақын, уғрас келиўинен дослықтың дәслепки көринислери, ушқыннан жалын пайда болғандай дослық қатнасық кем-кемнен беккемленип, айдынласып бара береди. Бизиң бийғәрез Ўатанымыз Өзбекстанымызда бир жүз отыздан асламырақ миллет ўәкиллери жасайды. Олар бир адамның перзентлериндей, бир шаңарақ ағзаларындай дослық туўысқанлықта жасап, мийнет етип ўатанымыздың жайнап-жаснап гүллениўи ушын ат салысып мийнет етип, беккем аўызбиршиликте жайнаған табысларды қолға киргизип атырғанын, көзлеримиз бенен көрип, қәлбимиз бенен сезинип, биз дөретиўши инсанларға тасқын илҳам–йош бағышлайды деп айтсақ болады. Бизиң халқымыз, бир дәрьядан суў ишип, қыз берип, қыз алысып, әсирлер даўамында татыў татлы, шад абад турмыста жасап, қоңсылас мәмлекетлер менен де дослық қатнасықтың беккемленип атырғанын көрип қуўаныштамыз. Мен бир достым менен дослық ҳаққында сәўбетлесип отырғанымда мынандай мазмундағы бир рәўиятты айтып берген еди. Бир жигит өзиниң жақын достынан қапа болып, мен бүгин достымнан қапа болдым деп, қумға жазыпты. Бир күнлери сол қапа еткен досты, жақсылық ислепти. Оның жақсылықтан кеўли қуўанышқа толып, маған достым бүгин жақсылық етти деп тасқа ойып жазыпты. Бул жағдайдан хабары бар досты, меннен қапа болғаныңда қумға жазып едиң, ал жақсылық еткенимде тасқа ойып жаздыңыз? – буның мәнисин айтып түсиндирип бериң деген екен. Сонда досты, қумға жазғаным, кеширимликтиң белгиси, себеби, оны самал өширип жибереди, тасқа жазғаным ол мәңгилик оны ҳешким өшире алмайды деген екен. Ҳақыйқатында да садық дослар кемшилигиңди кеширип, жақсылығыңды бир өмир умытпай, мақтаныш етип жүреди. Ҳақыйқый дослық ол мәңгилик, оны ҳеш қандай тосқынлық тоқтатып өшире алмайды. Дослық бәрҳа беккемленип, әўладтан-әўладқа “алтын мийрас” болып қала береди. Мен дослық ҳаққында, өз пикиримди, мына қосық қатарлары арқалы да, даўам етким келеди.
Дослар қутлы болсын, байрамың, ҳайтың,
Дос пенен бардың ба, дос пенен қайтың!
Дослар менен жетемиз мақсет-муратқа,
Дослықтан қудиретли күш бар
ма айтың!
Қуўаныш шадлыққа, бөлеп халықты,
Беккемлейик, дослық-туўысқанлықты,
Татыўлықтың кийип ҳасыл липасын,
Болдырмайық ҳәргиз суўысқанлықты!
Мақсет Матеков.
