ХАЛҚЫМЫЗҒА ХЫЗМЕТЛЕРИН УСЫНБАҚТА

Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
2022-жылдың 1-октябрь жағдайына районымыз аймағында 850 хожалық жүритиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 712 ни қурайды. Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳәрекет етип турғаны 662 субъект болып, соннан 104 субъект жыл басынан жаңадан ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жанадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған женилликлер, статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм олардың мүддетлери ҳаққында түсиник жумыслары алып барылмақта. Районымызда дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен санаат кәрханалары саны 142, қурылыс кəрханалары саны 83, саўда кəрханалары саны 254 ҳəм де 109 аўыл хожалығы ҳ.т.б. кəрханалардан ибарат. 2022-жыл даўамында район аймағында ҳəрекет етип турған санаат кəрханалары тəрепинен 1 634,1 млрд сумлық санаат өнимлери, сыртқы саўда айланбасы 15,1 млн АҚШ доллар, сыртқа шығарып сатыў товар айланбасы 5,3 млн АҚШ доллар ҳәм сырттан товар алып келиў 9,8 млн АҚШ доллар болып, 107 процентти қурады. Районымыз 2022-жылдың 1-октябрь жағдайына 76,1 мың адамды курайды, ҳәзирги күнде районымызда 10 МПЖ ҳəм 3 АПЖ болып жайласкан.

Т.Карабаев,
Тақыятас районы, статистика бөлими.