Дүнья жүзи бойлап ҳәр жылы 25-ноябрь-10-декабрь аралығында «Зулымлыққа қарсы 16 күн» мапазы (кампания) ѳткериледи.
Бизиң мәмлекетимизде бул кампания 2019-жылдан баслап әмелиятқа енгизилген. Бунда Гендер тематикасы кѳтерилип, шаңарақта ерлери тәрепинен ҳаял-қызларға зорлық-зомбылық ислетилип атырғанлығы, буның қарама-қарсы тәрепи яғный ҳаяллары тәрепинен ерлерине ҳәм балаларына кѳрсетилип атырған қысыўметлер ашық-айдын айтылып, олардың ҳуқықлары қорғалып, теңлик сиясатының жүзеге шығыўына имканият жаратылады.
Әсиресе, мектеп жасындағы балалар арасындағы ҳәм муғаллимлери тәрепинен зулымлықларға ушыраўлары бундай ўақытта нелерге әҳмийет қаратылыўлары жѳнинде кең түрде семинар-тренинглер ѳткерилип, балаларға түсиник ислери алып барылады.
Бизиң 29-санлы мектепте де усы кампания шеңберинде белгилеп берилген кѳрсетпе тийкарында, сценарийлер исленип акция басланып кетти.
Мектептиң руўхый-ағартыў ислери бойынша директор орынбасары, мектеп психологи ҳәм дѳретиўшилик ислери бойынша үгит-нәсиятшы тәрепинен мектеп оқыўшылары менен биргеликте «Биз зулымлыққа қарсымыз!», «Бизиң мектебимизде зулымлыққа жол қоймаймыз!» атамасында акция ѳткерилди. Акцияны мектептиң 8-г рус класы оқыўшылары менен мектеп психологи Насиба Алламбергенова ҳәм үгит-нәсиятшы алып барды.
Бириншиден мектеп фойеси «Биз зулымлыққа қарсымыз!», «Бизиң мектебимизде зулымлыққа жол қоймаймыз!» лозунглери қыстырылып, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар арасында жақсы мүнәсибетлер мәнисин аңлататуғын саз (музыка) әсте-ақырынл
ық тәризде еситтирилип турады.
«Мен сеннен кеширим сорайман» стенд астында ҳәр бир оқыўшы ѳз қәлеўине бола, қашанлардур, дослары арасында кимгедур ҳазар берген, қапа еткен, кеўлин қалдырған болса ѳз кеширимин аноним тәризде, сѳз арқалы, сүўрет, яки смайлик пенен билдиреди. Расын айтыў керек кѳплеген адамларда ашықтан-ашық кеширим сораў ушын мәртлик жетиспейди. Сөйтип, ѳзлери кеўлин қалдырған, ѳкпелескен адам менен мүнәсибетин жақсылаўға тосқынлық етеди. Бул мәселегеде шешим сыпатында, мектепте «Исеним қутысы» қойылды. Оған ҳәр бир оқыўшы ѳз қәҳәр-ғәзебин, қызғанышын, ѳкпе-гийнесин я болмаса кеширим сѳзлерин бир кишкене қағазға аноним тәризде жазып, қутышаға салады. Бул жерде тек оқыўшылардың бир-бирлери яки ата-аналары, ағайин-туўғанлары, таныс-билислери арасындағы келиспеўшиликлер емес, ал зулымлықтың ҳайўанатларға, қусларға, жәнликлерге, жабайы тәбиятқа қарата исленген ҳәдийселери де жазылып, олардан да кеширим соралады. Усыларды жазып қутышаға таслаған соң, арадан бир қанша ўақыт ѳтпей, бала ѳзинде қандайда бир жағымлы жеңилликти сезеди. Соның менен ол ѳзиниң ойын, қәлбин, тәнин тазартады. Бул ҳәрекетлер психологлар тәрепинен қашаннан берли тастыйығын таўып киятырған әмеллер болып есапланады.
Буннан басқа да 1. Педагоглар кеңесин, 2. Ата-аналар мәжилисин, 3. Таңлаўлар, 4. Тренинглер, флешмоблар, видеофильм ҳәм челлендж исленип бәри мектеп руўхый бѳлмесинде сақланып, ўақты менен оқыўшыларға кѳрсетилип барылады. Бул оқыўшылардың сана-сезимин тереңлетип, ойлаў шеңбериниң кеңейиўине шараят жаратады.
Және де, оқытыўшылар жәмәәти менен ислесиў, ата-аналар ҳәм оқыўшылар менен ислесиў шеберлик саатларын ѳткериў де баланың психологиясының жақсы тәрепке қарай ѳзгериўине себепши болады. Усы ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм балаға қарата ҳәр түрли зулымлыққа қарсы гүресиў бойынша мектепте ѳткерилетуғын ҳәр бир семинар, тренинг, ушырасыў ҳ.т.б акцияларда бала ѳзиниң ҳуқықларының жән-жақлама қорғалатуғынын, оқыўшының үйинде ата-анасына, мектепте устазларына, жолда, кѳшеде жасы үлкен-жасы кишиге қандай ҳүрмет-иззет кѳрсетиў кереклигин, улыўма алғанда тәртипли ҳәм үлгили оқыўшы болыўы зәрүрлиги ашық-айдын сезилип, оқыўшыға тәсирлиги күшли болыўы керек.
Шүкирбай
СИЙПАТДИНОВ,
Нѳкис қаласы, 29-санлы мектеп үгит-нәсиятшысы.
