Әлбетте, жас әўладты ҳәр тәреплеме жетилискен инсан етип тәрбиялаў ушын дәслеп оның дүньяға илимий жақтан көз-қарасын раўажландырып барыўымыз керек. Оларда дүньяға деген илимий көз-қарасты қәлиплестириў бул ҳәзирги дәўирде емес, ал, барлық дәўирлерде де алдыңғы алым ойшыллардың дыққат орайында болып келди. Мысал етип алатуғын болсақ феодализм, капитализм сыяқлы класслық жәмийетлерде сол дәўирдиң оқымыслы, билимли дүнья илимине, өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан Гиппократ, Демокрит, Платон ҳ.т.б. Шығыс ағартыўшыларынан Фарабий, Беруний, Ибн Сино, А.Яссаўий, Күнхожа, Бердақ, Әжинияз ҳәм тағы басқалар. Демек, дүньялық көзқарас бул белгили жәмийетте ҳүким сүретуғын көз-қараслар системасы, яки белгили бир класстың идеологиясына емес, бәлки ҳәр кимниң өз пикирлеринде, сезимлеринде, еркинде, хызметинде көзге тасланатуғын субъектив жағдай болады.
Солай екен жақсы оқытыўшы оқыўшылардың айтқан сөзин дыққат пенен тыңлайды. Оларға жол-жоба ҳәм көрсетпе береди. Керек жеринде тынышландырып, тийкарғысы туўры баҳасын айтып, ҳәммени теңдей жақсы көреди. Мектепке қәдем қойған оқыўшы да устазын шын кеўлинен жақсы көреди. Адамлар арасындағы катнасықларда инсаныйлық, педагоглар ҳәм оқыўшылар арасында ҳүрмет туйғыларын қәлиплестириў, балалар пикирине итибар етиў, оларға меҳрибан болыў лазым. Сондай-ақ,оқыўшы сөзлерди ҳәм сөз дизбеклерин тутас түрде өтиўди баслағанда, олардың анық, дурыс ҳәм көркемлеп айтылыўын орфографиялық қағыйдаларын дурыс сақлаўына, интонациясына көбирек кеўил бөлинеди. Бала класста дослары менен оқығанын, еситкен ямаса көрген ўақыялары жөнинде айтып береди, алған тәсирлерин баянлайды. Және сеслерден буўын, буўынлардан сөз, сөзлерден гәп қурап үйренеди. Солай етип олар сеслер ҳәм ҳәриплерди дурыс айтып көнлигип билимин жетилистиреди.
М.УРАЗЫМБЕТОВА,
Нөкис қалалық ХББне қараслы 49-санлы мектептиң баслаўыш класс муғаллими.
