Тәжирийбеге сүйенип айтыўымыз мүмкин, ѳрт ѳширгишлер әнжамларын әмелде қоллаў, ѳрттен сақлаў хызметинде айрықша орынға ийе екенлиги тастыйықланған. Санааттың кѳплеп тараўларында, ѳрт қәўпиниң асып барыўы, елимизде ҳәм шет мәмлекетлерде ѳрт ѳширгишлердиң сыпатын жақсылаў ҳәм олардың санын және де кѳбейтиў, соның менен бирге ѳрт ѳширгишлерге хызмет кѳрсетиў орынларын, олардан пайдаланыўшыларды үйретип барыўды, пайдаланыў тармақларын кеңейтиў мәселелерин шешиўди талап етпекте.
Ѳрт ѳширгишлер ѳрттиң басланғыш дәўиринде 4 минут ишинде ѳшириў қәсийетине ийе екенлиги тәжирийбеде анықланған. Мағлыўматларға қарағанда, басқа ѳрт ѳшириў техника ҳәм әсбап-үскенелерине салыстырғанда ѳрт ѳширгишлер менен ислеп шығарыў кәрханаларында 15 процент, ҳәкимшилик-жәмәәт имаратларында 30 процент әтирапында ҳәм складларда болса 20 процент ѳртлер ѳшириледи.
Француз алымларының мағлыўматларына кѳре 75 процент ѳртлер күндизги ўақытларда пайда болады, булардан кѳрилген зыян, улыўма зыяннан 25 процентин қурайды. Қолланылатуғын ѳрт ѳшириў қураллары түрлерине қарап ѳрт ѳширгишлер кѳбикли (химиялық ҳәм ҳаўа-механик кѳбикли), газли (углекислоталы, углекислота-бромэтилли, аэрозоллы) ҳәм унтақлы түрлерге бѳлинеди. Ѳрт ѳширгишлер қолда ислетилетуғын, кѳшпели ҳәм арбашалы болып бѳлинеди.
Олардың аўырлығы 20 килограммнан кѳп болмаслығы керек.
Қолда ислетилетуғын ѳрт ѳширгиш әнжамларынан, мәселен, кѳбикли ҳәм углекислота-бромэтилли ѳрт ѳширгишлер, ѳрт ѳшириў араласпалары узатылғанда жаныў қәўипи күшейетуғын ямаса партлаў қәўипи пайда болатуғын (мысал ушын алюминий органик араласпалар ҳәм басқа түрдеги араласпалар) жаныўшы қатты ҳәм суўық затлардың барлық түрлерин ѳшириўге мѳлшерленген. Кѳбикли ѳрт ѳширгишлер менен электр токи күшлениўи астында болған электр қурылмаларын ѳшириў мүмкин емес.
Р.ИСАЕВ,
Нѳкис районы, Айрықша жағдайлар бѳлиминиң үгит-нәсият бѳлимшеси баслығы, капитан.
