Мектебимизде бизлердиң оқыўдан бос ўақытларымызды мазмунлы ѳткериўимиз ушын бир қанша пән дѳгереклери бар. Соның менен бирге белгили инсанлар менен әдебий-ушырасыў кешелер де болып турады. Солар қатарында. Бестѳбе аўылымыздан жетилисип шыққан, ҳәзирги ўақытта Нѳкис FM ҳәм Жаслар TV телеканалының баслаўшы-журналист, Мухтар Үмбетов пенен ушырасыў болды. Ушырасыўда М.Үмбетов журналистика ҳәм телерадио бағдары бойы

нша кѳп ғана мағлыўматлар берди. Бизлер радиожурналистикасына болған ѳз қызығыўшылығымызды билдирдик ҳәм тийисли жол-жоба алдық. Ол бизлерге мектеп радиосын ашыўымызды усыныс етти ҳәм исеним билдирди. Роза Досымбетованың басшылығында жақында мектеп радиосы ашылып, еситтириўлер алып барып атырмыз.
– Мектеп радиосын ашыўды кѳп ўақыттан берли режелестирип жүрген едик. Бундағы тийкарғы мақсетимиз-оқыўшыларымыздың ѳз қызығыўшылықларын жүзеге шығарып, баслаўшылық қәбилетин раўажландырыўдан ибарат. Соның менен бирге «Қызықлы мағлыўматлар» ҳәм «Ойлан, излен, тап» сораўлары берилип, оқыўшыларды және де излениўге, китап оқыўға ҳәм пикирлеў шеңберин кеңейтиўге үлес қосыўдан ибарат. Баслаўшылар 8-класс оқыўшылары С.Сағынтаева, Ж.Амангелдиев ҳәм 7-класс оқыўшысы Г.Балмағамбетовалар алып бармақта. Еситтириў ҳәптесине еки күн тәнепис пайытында болып, «Сиз билесиз бе?» сораў-жуўап ойынына ең дурыс жуўап берген оқыўшыларды ҳәр айдың соңында хошаметлеп барыў нийетиндемиз-дейди Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң инглис тили пәни муғаллими Р.Досымбетова.
Оқыўдан бос ўақтымызда «Мектеп радиоузелинен сѳйлеймиз» деп баслайтуғын еситтириўимизге пуқта таярланамыз. Анық ҳәм тынық сѳйлеўге ҳәм бизлерге билдирилген исенимге ылайық болыўға ҳәрекет етемиз.
Салиха Сағынтаева,
Нѳкис қалалық 30-санлы мектептиң 8-класс оқыўшысы.
