ЖЕТИМЛЕР

Аўыл-елди шуўлатып бир үйден еки өлимниң шығыўы кимниң болса да етин түршиктирери турған гәп. Қаладағы жорасының тойына барыўға шыққан Пердебайдың машинасы жолда аварияға ушырапты деген хабар аўылдағыларды тик аяққа турғызды.
Келиншеги Оразгүл емлеўханада екен, бирақ оның да жағдайы жақсы емес қусайды байғус-ай десип атыр, нан-баўырсаққа қамыр ийлеўге келген ҳаяллар әстен бир-бири менен сөйлесип.

Пердебайдың намазынан он күн өтип емлеўханадан Оразгүлдиң өли денесин алып келди. «Нәрестелерине қыйын болды, ҳеш кимниң басына салмасын» – десип атыр көпшилик. Көше бийи Бахытбек аға:– Аўылласлар, мине, мүсийбет айтып келмейди, ойда-жоқта усындай аўыр жағдай болып атыр. Ал, енди Пердебайдың да, Оразгүлдиң де жақын туўысқанлары жоқ. Инимиз Пердебайдың алыслаў ағасының баласы менен келини мына балаларға ғамқорлық етип, бағып усы үйдиң түтинин түтетип отырмақшы. Сизлер қалай көресизлер, – деди аламанға қарап.– Бәрекелла, алла сыйласын буларды. Нәрестелер ата-атасынан айырылғаны жетер, оларды ҳүкиметке тапсырып, өз үйинен айырып не қыламыз. Жақсы болған екен аўыл-ел қарап турмас, булардан өзлеримиз хабар алып турамыз – деди аўыл ақсақалы Жеткербай аға. Ҳәмме мақулласып, өз шарўасы менен тарқасты. Пердебай менен Оразгүлден қалған еки нәресте үлкени Гүлжайна 11 де, баласы Жәнибек 4 жасар еди.Пердебайдың аталас инисимен деген Қәллибектиң қолында кәсип-кәри жоқ, ҳаялы Зийбаштың өкшеси қанамай, бармаған тәўиби, түнемеген әўлийеси жоқ. Зийбаштың түри суўықлығы былай турсын, тили де зәҳәрдей шағып сөйлейтуғын мәккар ҳаяллардан еди.Қоныс жаңаласаңыз көтерип кетесең деген еди соңғы барған тәўиби оған. Булар мерекеге келип болып қорадағы есапсыз жанлықты, жийде теректе ҳәўкийисип отырған түйе таўықларды, байлаўлы саўын сыйырды көрип соңғы шешимди қабыллаған еди.Ҳәзир биреў менен биреўдиң иси жоқ. Жайдың қапталындағы қыйтақ жерде ҳәмме зат өсип тур. Арқа тәрепте үй ийесиниң не бир үмитлер менен еккен мийўе нәллери гүллеп көздиң жаўын алады. Усылайынша басқаларға мүләйым болып көринген ерли-зайыплылар еки нәрестеге азап берип, күнлер өте берди. Аўыл иши болғанлықтан үйлерде шашаў жайласқан еди.
Гүлжайна шаппатай болса да, оған үйдиң барлық жумысларын тапсырды. Ол еле ойын баласы емес пе, тапсырылған жумыстың биреўи шала қалса, яки ядынан шығып, исленбей қалған болса оны аяп отырды. Бир күни ошақтың оты өшип қалғаны ушын оның қасында жатқан әтөшкирди алып қыздың жанбасына салып қалды. Бийшара нәрестениң қулындағы даўысы шықты. Жанбасының еки алмасы от болып жанды, төрт аяқлап бойында тиклеп тура алмады.
– Өшир үниңди! Болмаса мына әтөшкирди еки көзиңе суғып аламан, – деп бақырды Зийбаш Гүлжайнаға қарап. Төрт аяқлап еңбеклеп сыпаға зорға жетти, даўысын шығармаў ушын изинен жетип келген Зийбаш оның аўзына көпшик басты.
– Әжапамды урма, – деп зар жылаған үкесин Зийбаш аяғы менен теўип жиберди. Ол да қаңбақтай ушып түсти. Сол күни буларға аўқатта бермеди, жылап-жылап уйқылап қалды.
Гүлжайна сол өткен аўыр азаплы күнлерин ядына түсирди.
Бир күни таң азаннан оятып, малларға шөп орып келиң деп қолымызға орақ берип үйден шығарып жиберди. Уйқысы еле қанбаған үкемниң аяғы ҳәр жерге сүрнигип, топыраққа былғанып қалды. Оны арқама арқалап боян, пишен аралас өскен үлкен жаптың қасына келдим. Бир тегислеў жерге жайыўды жайып үстине тез-тез от орып салып, сол жерге үкемди жатқардым. Ол жатыўдан уйқылап қалды. От орып жүрип үй тәрепке қарап қояман, ким болса да биреў атымызды айтып шақырып қалатуғындай еди. Жайыў толады-аў дегенге шекем шөп ордым. Енди үкемди оятыўға көзим қыймады, өзим де шаршағанлықтан оның қасына қыйсайып жатып, уйқылап қалыппан. Әлле бир ўақытта «қосжақпастың арқайын уйқылап атырғанына қара. Тур жетимек» – деген даўыстан шоршып ояндым. Төбемизде белин таянып турған Зийбаш кишемди көрип, орнымнан ушып турдым. Ол болса мушын түйип арқама 3–4 рет дүмпишлеп урды. Сен бул жақта уйқыңды қандырып жатырсаң, үйди ким жыйнайды. Суўды ким тасыйды, ҳә, жетимек сениң, – деп балағатлап үйге жетемен дегенше бақырып келди. Орған шөбим де, бақырыстан шоршып оянған үкем де бәри сол жерде қалды.
Кешке шекем үкем келмеди, оны ҳеш ким излемеди де. Ақыры түнде шыдамай үйден шығып, қараңғыда сүрмелекленип бағанағы шөп орған жериме келдим. Келсем иним жоқ. Не қыларымды билмей, атын айтып бақырдым. Қула дүзде ашлықта бақырған даўысым өзиме қайта еситилди. Аўыл беттен ийтлердиң шабаланып үрген даўысы маған жуўап бергендей еситилди. Артыма қараўға қорқып, алға қарай жүриўди даўам еттим. Шел жағасындағы боянларға өрмелеп оннан тораңғылға асылып өсип турған кемпиршаш ҳәр жерде маған қапталдан бир дәў қарап турғандай көринер еди. Аўылға жақынлағанымда аяғымда улыўма күш қалмады, қорқыўдың не екенлигин де умытып ийтлердиң ортасына келип жығылдым. Аўыл шетиндеги ең соңғы үйде туратуғын қарабаслы Айхан апа ийтлерден мени қутқарып қалды. Үйине алып кирди, суў ишкизди. Дәлиздеги салынған төсекте иним пыр-пыр етип уйқылап жатқан екен, оны көрип қуўанғанымнан Айхан апаны кушақлап алдым. Айхан апа маған аўқат, шай берип, түн иши болса да шашымды жуўып, өрип қойды.
Анажанымның меҳирли қолларын сағынғанымнан көзимнен жас моншақ-моншақ болып төгилип атыр.
– Жылама қызым, еле бәри жақсы болады – деп Айхан апа басымнан сыйпалады. Оның бир қапталында үкем, екинши тәрепинде мен ҳәз етип уйқылап қалдық. Түсимде анамды көрдим. Ол бизлерге дым алыстан қарап турар еди.
Азанда турсам Айхан апа қашшан турып кеткен екен. Сыртқа шықсам ҳәмме жуўырып жүрипти. Ала түтин аспанға шығып бизиң үй жанып атырған еди. Жалаңаяқ үйге қарай жуўырдым. Қоңсылар мени көрип үкең қаяқта деп сорады. Мен оларға Айхан апаның үйинде дедим. Олар болса:
– Үҳ! Қудайға шүкир балалар тири, аман екен десип атыр. Ҳәммеси жабылып жаптан шелеклеп суў алып отқа қуйып атыр.
Биреўдиң үйи басқаға пана болмас дегениндей үйимиз жанып, күли көкке суўырылды. Ҳәттеки үйден ҳеш ким ҳеш нәрсе де алып шыға алмады. Оттың келип шығыўына себепши Қаллибек ағамыз түнде турып сигарет шегип, бармағы менен шертип жибергенинде шала сигарет көрпешениң үстине түскен. Әстен көрпешениң пахтасы пысқып алысып кеткен екен.
Жетимлерди бағамыз деп емес, үлкен үйге ийелик етиў ушын келген Қәллибек пенен Зийбаш ертесине аўылды тәрк етти. Буған бизлер ушып-ушып, бир-биримизди қушақлап гә жылап, гә күлип мәс болдық. Аўыл адамлары күн суўытпастан бурын бизлерге баспана салып бериўге киристи.
Атпа ылайдан төрт бөлмели жай салып иши-сыртын ҳәклеп, ошақ салып берди. Қоңсымыз Айхан апаны да көширип алып келди.
– Бәриңиз мына жайда аналы балалы болып жасайсызлар! – деп аўыл ел пәтиясын берип, кишигирим «жай той» өткерди. Туўысқан бере алмаған меҳирди аўылымыздың адамларынан алдық. Үйге керекли дәскелер менен үйилип-төгилип қутлы болсынға келиўшилердиң изи үзилмес еди. Үйимиз затқа толып қалды. Айхан апа бизлерди гезекпе-гезек баўырына басып қудай берген балаларым деп бет жүзимизден сүйип атыр. Бизлердиң қуўанышымызда шек жоқ. Солай етип, Айхан апаның балалары болып ер жеттик. Ата-анамызды ядлап тез-тез садақа берип туратуғын болдық. Сол «жетимек» деген сөз қулағыма сондай сиңип кеткен екен, гейде өзимнен өзим селк етип шоршып кетемен. Бүгинги күни үкем үлкен бир кәрхананы басқарып, бала-шағасы менен татыў, сол баяғы аўылымыздың мийримли адамлары салып берген жайды бузбастан, қасына үлкен зәўлим жай салып жасап атыр.
Айхан апамызды аўыл ел «Ҳажы ана» деп ҳүрмет етеди. Иним еки рет анамызды ҳажыға апарып келди.
Мен де хожалықлы болып, перзентлерим менен тез-тез аўылға қыдырып барып тураман.
Бизлерди ҳеш ким «ҳә, жетимеклер» демейди. Айтпақшы сол тили зәҳәр Зийбаш кишемиз де, Қәллибек ағамыз да қашшан о дүньялы болып кетипти, перзентли болмапты.
Жаңа телефонда Айхан апам менен сөйлестим, иним бизиң үйге қыдыртып алып киятырған екен. Оларды күтип алыў ушын сыртқа шықтым. Бизлер бахытлы инсанлардың қатарынан орын алған, Айхан анамыздың тәрбиясын көрген сол Пердебай менен Оразгүлдиң урпақлары едик…
Зульфия ӨСЕРБАЕВА,
журналист.