ЖИГИТ ЖӘНЕ ЖЫНАЯТҚА ҚОЛ УРДЫ

Қаландар Мамутов (исм-фамилиялар ѳзгертилген) Ферғана ӯәлаятында туӯылған. Жоқары оқыӯ орынларының биринде билим алып атырған бул жигиттиң ѳтмишине келетуғын болсақ, ҳеш кимниң ҳәӯесин келтирмейтуғыны анық. Ол ең дәслеп буннан үш жыл илгери жынаятқа қол урып, Бухара қалалық суды тәрепинен шәртли жазаға ҳүким етилген.
Ѳкинишлиси, суд тәрепинен тайынланған бул жаза исми тилге алынған жигитке жетерли тәсир кѳрсетпеген кѳринеди. Кѳп узамай және жынаят иследи. Бул сапары алдаӯшылық пенен байланыслы жынаятқа қол урып, Зарафшан қалалық судының ҳүкими менен нызамлы жазаға тартылды.
Жас болыӯына қарамастан екинши мәрте жынаят ислеген Қ.Мамутов тайынланған әйне усы жазадан кейин ѳзине тийисли жуӯмақ шығарса да болар еди. Бирақ ол ѳз билгенинен қалмады. Және жынаят жолын таңлады. Баявут районлық суды оның нәӯбеттеги алдаӯшылығы ушын 3 жыл мүддетке мийнетте дүзетиӯ жазасын қоллады.
Қулласы, Қ.Мамутов ѳзиниң 24 жасқа шекемги болған дәӯиринде жәми он бир мәрте алдаӯшылық жынаятын әмелге асырып, жынаят ислери бойынша Ангрен, Поп, Хатирши, Ханқа, Ғиждуван, Каттақорған, Қоқан, Ферғана, Риштон сыяқлы бир қанша қала ҳәм район судларының ҳүкими менен нызамлы жазаларға тартылды.
Алдаӯшылықты кәсипке айландырған, жас болыӯына қарамастан қәӯипли рецидивист «таңба»сына ийе боған Қ.Мамутов ѳзиниң ең соңғы жынаяты ушын нәӯбеттеги шәртли жазасын ѳтеп атыр еди. Ѳткен жылдың гүз айларының бирине келип, ол және жынаят кѳшесине қәдем қойды. Бул сапары жигит ѳзгелерге тийисли мүлкти яки мүлкке болған ҳуқықты хабар технологияларынан ғәрез мақсетлерде пайдаланып, ѳзлестириӯди нийет етти.
Солай етип, жынаятты әмелге асырыӯға кирискен Қ.Мамутоов дәслеп “Телеграм” мессенджеринде “CLICUZ” атамасында бот шѳлкемлестиреди. Бот арқалы “Сlic бод сизге жәрдем береди, ҳәзир “clicuz” ѳз пайдаланыӯшыларына бийпул саӯға үлеспекте. Саӯға алыӯ ушын ботга старт басың” деген мазмунда жалған хабар тарқатады.
Бундай “имканият”тан пайдаланыӯды қәлеп, ботқа мүрәжат еткен пуқаралардан бири Нѳкис районында жасаӯшы Қ.Дәӯлетов еди. Қ.Мамутов телеграм мессенджеринде оның менен байланысып, “сизиң атыңызға жалғанған банк пластик картасы жоқ, карта жалғаӯ ушын боттың пластик карталар бѳлимине кириң” деген хабар жибереди. Бул талап орынланғанынан соң Қ.Мамутов оның атындағы банк пластик карта номери ҳәм жасырын кодты алыӯға ериседи. Мине, усы арқалы алдаӯшылық қурбанына айланып атырған Қ.Дәӯлетовтың пластик картасын ѳз уялы телефонындағы “Davrbank” мобиль “приложение”синен есаптан ѳткерип, оған тийисли болған жәми 10 млн. 470 мың сум муғдарындағы пулларын шешип алыӯға ериседи.
Арадан бир күн ѳтип, Қ.Мамутов “Телеграм” мессенджеринде енди “Даврбанк кредит” атамасындағы бот шѳлкемлестиреди. Ботта “500 мың сумнан 50 млн. сумға шекемги болған муғдарда кем пайызлы кредит рәсмийлестирип беремиз” деген мазмунда жалған дағаза жайластырады. Ботқа қосылған шымбайлы В.Палӯановага болса банк тәрепинен кем пайызлы кредит рәсмийлестирип бериӯин айтады ҳәм оның атындағы пластик картасы менен байланыслы барлық мағлыӯматларды алыӯға ериседи. Нәтийжеде, оған тийисли болған банк пластик картадан жәми 865 мың сум пулларды шешип алады.
Қулласы, Қ.Мамутов 2022-жыл октябрь айында әйне усындай жоллар менен Тақыятас районында жасаӯшы пуқара С.Әшимованың 835 мың сум, Нѳкис қаласында жасаӯшы А.Балтаевтың 1млн. 980 мың сум, Н.Насимованың 553 мың сум ҳәм И.Ырзабекованың жәми 582 мың сум муғдарындағы пулларын шешип алып, ѳзлестириӯ арқалы талан-тараж етиӯге ериседи…
Денис САРМАНОВ,
Қанлыкѳл районы, прокуратурасы тергеӯшиси.
* * *
– Бүгинги дәӯирге келип, компьютер технологиялары күннен күнге раӯажланып бармақта. Бул болса, әлбетте, бир қатар имканиятлардың жаратылыӯына жол ашып, турмысымыздың дерлик бәрше салаларында унамлы нәтийжелерге ерисиӯ имканиятын кеңейтеди. Ал енди, айырым жаман нийеттеги шахслар мине усы имканиятлардан туӯры мақсетте емес, ал, ғәрез мақсетте пайдаланыӯды абзал биледи ҳәм түрли жынаятларды әмелге асырыӯ арқалы пуқаралардың мал-мүлкине айтарлықтай дәрежеде зыян жеткизеди.
Жоқары оқыӯ орынларының биринде билим алып атырған Қ.Мамутов та әне усындай тайпадағылардан бирине айланған.
Тергеӯ дәӯиринде мәлим болыӯынша, Қ.Мамутов ѳткен жылдың гүз айларында компьютер технологияларына қызығыӯшылығы себеп тармақтың “Телеграм” мессенджериндеги кибержынаятшылар топары ҳаққында хабар тапқан. Соң жеке аккаунты арқалы оған ағза болған. Ал, олар телеграм каналында қандай жоллар менен адамлардың исенимине кирип, алдап, алдаӯшылық пенен пул таӯып атырғанлығы ҳаққында айтып берген. Кейин, Қ.Мамутов әйне усы топар ағзаларынан пуқаралардың банк пластик карталарынан жынайы жоллар менен пул шешип алыӯ жолларын үйренген. Соның менен бирге, ол параллель рәӯиште “1хВеt” онлайн қумар ойынын ойнап, 10 миллион сум шамасында пул уттырып та қойған.
Соң, усы уттырған пулларын тиклеп алыӯ мақсетинде кибержынаятшылыққа қол урыӯды нийет еткен. Бунда, кибержынаятшылар администраторы, бийтаныс аккаунт ийеси оған кредит рәсмийлестириӯ менен байланыслы жалған бот шѳлкемлестириӯди мәсләҳәт еткен ҳәм бул ботты қалай жаратыӯ жолларын үйреткен…
Ақыбетте, кибержынаятшылар менен байланыс орнатып, олардың “мәсләҳәт”ин алған Қ.Мамутов ѳз ықтыяры менен жынаят кѳшесине кирип қалған ҳәм ғәрез мақсетте бир қанша жынаятларды әмелге асырып, пуқараларды алдаӯ жолы менен олардың пул қәрежетлерин қолға киргизген…
* * *
Солай етип, ѳзиниң кейинги жынаяты ушын суд тәрепинен тайынланған жаза мүддетин ѳтеп жүрип, және жынаятқа қол урған Қ.Мамутовтың жынаяты ӯақты келип әшкара болды. Оның карсысына жынаятлы ис қозғатылып, судқа ѳткерилди. Ис судта кѳрилер екен, оның айыбы қылмысына толық ықрар болып берген кѳрсетпелеринен тысқары, бир қанша дәлиллер жыйындысы менен толық тастыйықланды.
Нәтийжеде, судланыӯшы Қ.Мамутов Ѳзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен айыплы деп табылып, оған нызамда кѳрсетилген жаза шарасы қолланылды. Пуқараларға келтирилген материаллық зыян айыпкерден толық ѳндирилди.

Парахат ХАБИБУЛЛАЕВ,
журналист.