Китап уллы – байлық, инсан оннан пайдаланар екен көп нәрселерге өзгеше итибар бере баслайды. Китап – инсанның ойлаў қәбилетин раўажландырыўшы қурал. Китап оқыған инсанның дүньяға көз-қарасы өзгеше болады. Китаплар менен жақыннан танысқанымыз сайын инсан көп нәрсеге ийе болады. Китап ҳәрдайым инсанның жақын досты, дана мәсләҳәтшиси болып келген. Инсан бәрибир китаплар оқыған пайытында, өзиниң өмирин жаңадан баслаў мүмкинлигин аңлап сезеди. Бүгинги күнде көпшилик ушын китаплардың орны өзгерди. Себеби кино, театр, газета, журналлар китаплардың ўазыйпасын атқарып келмекте. Китап оқыў пайытында инсан, қаҳарманлар менен бирге олардың қуўанышына да шерик болады.
Ата-бабаларымыздың айтып өткениндей «Китап пенен дос бол – ол ақылыңа ақыл қосады» дегени де ҳақыйқат. Базыбир ўақытлары өзиңизди тынышландырыў ушын, саяхат етиў яки музыка тыңлаўды абзал көресизбе?
Алымлардың айтыўы бойынша булардың орнына китап оқыў кереклигин мәсләҳәт еткен.
Бир күни Хожа Насраддин достысының үйине келсе ол үйин тазалап атыр екен: Хожа оннан:
– Ҳәй достым! Не ислеп атырсаң? – деп сорапты.
– А, Хожа екенсең ғой! Мынаў ескирген кийим, қағаз, китап, – бәрин өртейин деп атырман, – дейди досты.
– Қой достым! Кийим ескиргени менен китап ескирмейди. Китаптың сырты ескиргени менен ишиндеги ақыл сөзи ескирмейди, – депти сонда Хожа Насраддин.
Мехрийбан ЖАЛҒАСБАЕВА,
Шымбай районы.
