ҚОҢСЫЛАР

Бир қассап сатып алған жаңа ҳәўлисине көшип өтти. Оның қоңсысы билимли ҳәм әдеплилиги менен танылған алым еди.
Қассап көп узамай жаңа ҳәўлиде өзи ушын қассапхана қурып алды. Оны алымның ҳәўлисине тақап қурғанлықтан ол жердеги шығындының бәд ийиси алымның ҳәўлисине де мудамы аңқып туратуғын, қан ҳәм басқа да суйықлықлар жуқа дийўал астынан сызып ағып өтетуғын болды. Буған шара ретинде алым ҳәўлисиндеги жағымсыз ийислерди жоғалтыў ушын ҳәр түрли гүллер екти. Сызып аққан шығындыларды күн қурғатпай тазалап турды. Бул жағдайды қоңсысына да, басқаларға да билдирмеди.
Алым бир неше жыл усылайынша жасады. Басқа қалаға иске өтип, сол жаққа көшиўге туўры келди. Жаңа үй салыў ушын жасап турған ҳәўлисин сатпақшы болды. Үй сатыўға қойылды. Усы күни алым қоңсысын үйине шақырды.
– Сиз бенен неше жыллардан берли қоңсышылықта жасап киятырмыз. Енди мен басқа қалаға көшип баратырман. Егер арамызда жақсы-жаман гәп өткен болса, бизди кешириң. Сизге, кеўлиңизге мәлел келмесе, бир илтимасым бар.
Алым оны қассапхана дийўалының жанына баслап барды. Қассап ол жердеги жағдайды көрип әжепленди.
– Неге маған усы ўақытқа шекем айтпадыңыз? Ақыры, сиз бул исимди тыйыўымды талап етиўге ҳақылы едиңиз ғой!
– Өзиңиздиң де усындай шараятта жасап атырғаныңызды билгеним ушын кеўлиңизге тийиўди қәлемедим. Бирақ, кетиў алдынан бул жерге ким көшип келиўин ойлап, сизден қәўетер алдым. Сизди дурыс түсине алатуғын адам саған қоңсы болыўын қудайдан тилеймен. Бул сөзлерди сизди ыза қылыў ямаса жүзиңизге басыў ушын айтып отырғаным жоқ. Буннан кейин ким менен қоңсы болып жасасаңыз, айырым жағдайларда оның да райына қараўға туўры келеди. Егер қәлесеңиз, усыны инабатқа алып қоярсыз, деп айтып атырман, болғаны.
Қассап сонша жыллардан берли ким менен қоңсы болып жасағанын енди билди.
…Жүдә кеш билди.