Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында бүгинги күнде 80 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жумыс алып барып атырған болып, оларда жәми 12 мың 300 ден аслам бала тәрбияланбақта. Районда балаларды бақшаға қамтып алыўға болған талап болса еле жоқары. Сол себепли район ҳәкимлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын буннан былай да кеңейтиўге ҳәм олардың санын арттырыўға тийкарғы итибар қаратылмақта.
«Жаслық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 15-мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңадан бой тиклеп атырған имараты және 90 баланы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алады. Қурылыс жумыслары «Топыраққала арнаўлы қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети дөретиўшилери тәрепинен жедел түрде алып барылып атыр.
– Ҳәзирги ўақытта мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа еки қабатлы имараты қурылмақта, – дейди қурылыс кәрханасының бас инженери Бахтияр Юлдашев. – Қурылыс процесинде 45 жумысшы жемисли мийнет етип атыр. – Ҳәзирги ўақытта имараттың екинши қабатында гербиш өриў, биринши қабатында болса сыбаў, электр энергия, ишимлик суў тармақларын орнатыў сыяқлы жумыслар орынланбақта. Жаңа имаратты мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
