Буктрейлер бул — китап ҳаққындағы ғәрезсиз көркем формада жаратылған 2-3 минуттан ибарат қысқа видеокадр көринисиндеги аннотация.
Буктрейлер-әдебиятты сүўретлейтуғын көркем шығармаларды, электрон ресурслар ҳәм интернет технологияларын бирлестириўши реклама.
Бундай видеокадрлардан мақсет — китапларды реклама қылыў ҳәм оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў, аудио ҳәм видео визуаль үскенелерден пайдаланылған ҳалда китапларға болған итибарды асырыўдан ибарат. Әдетде буктрейлердиң даўам етиў ўақты 3 минуттан артық болмаўы керек. Бундай видеокадрлар да заманагөй ҳәм көркем әдебиятқа байланыслы классикаға айланған китапларға жаратылады ҳәм көпшилик рекламалардан айрықша болып, кем қәрежетти талап етеди. Буктрейлерде мағлыўматлар сондай жарытылыўы керек, китапқумар сол китапты тезлик пенен алып оқығысы келеди. Буктрейлер ҳәзирги күнде китаптың кең түрде тарқалып барыўына түртки болыўшы қурал есапланады. Видеокадрдың орташа интервалы 1 ямаса 3 минуттан ибарат болыўы керек. Бирақ, көбирек ўақыт аралығын алыў мүмкин, тек логикалық тәртипке салынған болыўы шәрт. Буктрейлер 4 минуттан артық болса, еки бөлекке ажыратыў мүмкин. Жаратылған топлам сүўретлерден ямаса видеокадрлар мақтаў ушын емас, китапқумарлардың оқыў мәдениятын асырыўдан ибарат болыўы тийис.
Иллюстрациялардың бирдейлигин бақлаў усыныс етиледи яғный сызылған сүўретлер — сызылған ҳалда, ўақыяны аңлатыўшы анимацион сүўретлер — анимацион ҳалда, егер сүўрет болса- сүўрет жағдайында қолланылыўы мүмкин. Бундай жағдайда музыка ҳәм видео усылын бақлаў мақсетке муўапық болып табылады. Буктрейлер тамашагөйди өзине байланыстырып алыўы ҳәм қызықтырыўы керек. Оның ушын тек ғана жақты ҳәм әжайып сүўретлерди емес, бәлки шығарманы ашып беретуғын материалларды таңлаў зәрүрли болып табылады. Шығарманың мәнисин сөйлеп бериў шәрт емес. Егерде таңланған материаллар тамашагөй ушын түсиниксиз сөзлер қолланылған болса, бул жағдайда, шығарма қаҳарманлары ортасындағы киши сәўбетлесиўлерден де пайдаланса болады.
Итибарды сапа ҳәм әпиўайылыққа қаратыў мақсетке муўапық. Даўыс толқыны жоқары сапалы, шаўқым тәсирсиз ҳәм бир даўыс дәрежесинде болыўы, сүўретлер логотип ямаса реклама белгилерисиз болыўы керек.
Текст шрифтлери анық ҳәм оқылыўы аңсат болған реңлерде сәўлелендирилиўи керек. Ѳзиңизден басқа ҳеш ким оқый алмайтуғын шырайлы ямаса безеўли шрифтлерден көре жақсысы әпиўайы ҳәм белгили болған Times New Roman шрифтынан пайдаланған мақул. Сол себепли, буктрейлерди сиз өзиңиз ушын емес, китапқумарлар ушын жаратпақтасыз. Сондай екен, авторлық ҳуқықын естен шығармай ҳәр қандай артықша қурамалы материаллардан пайдаланбай, әпиўайы буктрейлер жаратылыўына ҳәрекет етилиў керек. Жақсы буктрейлерди жаратыў ушын реклама қылынып атырған китаптан цитаталар, дөретпе мазмуны ҳәм идеясына уйқас сүўрет ямаса видео материаллар таңлап алыў, сүўрет ямаса видео материаллар менен байланыслы музыка таңлаў, бунда музыка әлбетте мағлыўматлар менен бирлестирилиўи, сүўрет ямаса видео үзиндилер тамашагөй ойында сәўлелениўине унамлы тәсир көрсетиўи керек.
Мирбек Кадиров,
Тақыятас районы Мәлимлеме-китапхана орайы, Мәлимлеме-коммуникация технологиясы ҳәм санластырыў хызмети баслығы.
