Электрон онлайн- аукцион арқалы әмелге асырыў

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 24-марттағы қарары менен тастыйықланған Мәмлекет активлерин басқарыў саласында реформаларды тереңлестириў ҳәм система искерлигин трансформация қылыў бойынша “Жол картасы”ның 11-бөлими 4-бәнтинде Мәмлекет пайдасына алынған мал-мүлкти, (буннан азық-аўқат өнимлери, автомототранспорт, көшпес мүлк ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқа мүлкшилик ҳуқықларынан тысқары), шәртнама арқалы искерлик жургизиўши шөлкемлер буйыртпасына көре, әпиўайыластырылған аукцион принциплери тийкарында электрон саўда дүканы арқалы сатыў тәртиби енгизилмекте.
Қарар жойбарын қабыллаўдан мақсет бажыхана, салық, суд ҳәм басқа органлар тәрепинен мәмлекет пайдасына алынған товар – материаллық байлықларды шәртнама тийкарларында реализация ететуғын саўда шөлкемлери буйыртпасына көре, сатылып атырған өнимлерди бирден-бир платформага жайластырыўға ҳәм де саўдаларды ашық тәризде әмелге асырыўға ерисиўден ибарат.
Қарар жойбарында 2023-жыл 1-сентябрьден мәмлекет пайдасына алынған мал-мүлкти (буннан азық-аўқат өнимлери, автомототранспорт, көшпес мүлк ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген басқа мүлкшилик ҳуқықлардан тысқары) әпиўайыластырылған аукцион принциплери тийкарында сатыў мақсетинде “E-auksion” электрон саўда платформасында “E-auksion shop” электрон саўда дүканы искерлигин жолға қойыў ҳаққындағы усынысқа разылық бериў, мәмлекет пайдасына алынған мал-мүлкти әпиўайыластырылған аукцион принциплери тийкарында “E-auksion shop” электрон саўда дүканы арқалы сатыў тәртиби ҳаққындағы нызамды тастыйықлаў нәзерде көрсетилмекте.

Р.Есимбетов,
«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.