ТИЛ БИЛИМИНИҢ ПИДАЙЫСЫ

Ѳзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бѳлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары, филология илимлериниң докторы, үлкен илимий хызметкер Нажимов Пердебай Айманович быйыл мүбәрек алпыс жасты қарсы алып атыр.
Жәмәәтте басламашылық, жасы үлкенлик қылыў, шаңарақта ул ҳәм қызды қатарға қосыў, илимли-билимли перзентлер етип тәрбиялаў, илим жолына қәдем атқан шәкиртлерге теңдей көзқараста қарап, тәлим-тәрбия бериў, орталықта көргенли инсан сыпатында өрнек болыў, ал илим дүньясында озық ойы менен алдыңғы қатарларда турыў, қай жерде, қайсы тараўда болмасын тең салмақлылықты сақлаў, хожалық тәшўишлеринде өмирлик жолдасына арбаны теңдей тартып, оны қоллап-қуўатлаў, меҳрибан әке, шебер устаз, жәмийетте искер, илимде илимпаз – олардың бәрине ылайықлы бола алыў ҳәммениң де бирдей қолынан келе бермейди. Ал, устазымыз Пердебай аға Нажимовтыӊ бойында бул инсаныйлық пазыйлетлердиң бәри бар деп исеним менен айта аламыз.
П.Нажимов, 1963-жыл 3-мартта Қараѳзек районында туўылып, зиялылар шаңарағында кәмалға келди, зийрек, руўхы бийик бала болып тәрбияланды. Әкеси Айман Нажимов қарақалпақ тил илиминиң ҳақыйқый жанкүйери болып, өмириниң ақырына шекем илим менен шуғылланды, шәкиртлер жетилистирди. Шаңарақтағы илимий орталық оған усы жолды таңлаўда үлкен тәсир жасады. Оныӊ илимге болған қызығыўшылығы, зийреклиги нәтийжесинде 1980-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниӊ филология факультетиниң қарақалпақ тили ҳəм əдебияты қəнигелигине оқыўға түсип, студент болыў бахтына миясар болды. 1985-жылы университетти табыслы тамамлап, ҳақ кеўил, кишипейил, талапшаң жас кадр өз қәнигелиги бойынша мийнет жолын 1985-1988-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районы орта мектептен баслады. Өз искерлигиниң дәслепки күнлеринен баслап, ѳзиниң үлгили минез–қулқы менен ажыралып турды. Илимге болған қызығыўшылығы оны 1989-1991-жыллары Қарақалпақ мǝмлекетлик университети Қарақалпақ тили кафедрасының аспирантурасында тǝлим алыўға бағдарлады. 1992-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Н.Дәўқараев атындағы Тил ҳәм әдебият институтында киши илимий хызметкер лаўазымында жумыс иследи. Жас илимпаз өз үстинде тынымсыз изленислеринен соң «Қарақалпақ тилинде теңеўлердиң структура-семантикалық ѳзгешеликлери» атлы темада кандидатлық диссертациясын 1995-жылы табыслы қорғап шықты.
1992-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Баслаўыш тәлим кафедрасында ассистент-оқытыўшы, соңынан оқытыўшы, үлкен оқытыўшы лаўазымларында иследи. Мийнет жолы даўамында елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеўге пидайылық пенен қатнасып келди, ол елимиздиң, ана тилимиздиӊ мәплерин қорғап, ѳзбек ҳәм қарақалпақ халықларының дослығын беккемлеўге ҳәм республикамызда жас әўлад санасына тилимизде таза сөйлеў, миллий мақтаныш, миллий ѳзлик туйғыларын сиңдириўде тынбай хызмет алып барды.
2002-2008-жыллары Әжинияз атындағы Нѳкис мǝмлекетлик педагогикалық институтының Баслаўыш тǝлим, Педагогика факультетлеринде декан лаўазымларында хызмет еткен дәўирлеринде машқалалы, тәрбиясы аўыр, әсиресе, жас шаңарақлы студентлердиң өмирден сүрникпей өз орнын таўып кетиўинде мәсләҳәтлерин берип, жол-жорық көрсетиўде, институтта өткерилетуғын шембиликлерден баслап, студентлердиң кирейдеги ҳәм жатақханадағы жасаў шараятынан хабар алыў, жәрдемге, қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған студентлер менен жақыннан ислесиў, пикирлесиў дерлик барлық руўхый-ағартыўшылық, оқыў ислериниң шөлкемлескенлик, жоқары көтериңкилик пенен өтиўинде өз күш-жигерин аянбай хызмет етти.
Пердебай аға көп жыллық ис-тәжирийбеси даўамында өзиниӊ унамлы өзгерислери менен шебер шөлкемлестириўшилиги нәтийжесинде 2010-жылдан баслап Ѳзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бѳлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының Қарақалпақ тил билими бөлиминде хызмет етип келмекте.
2014-2016-жыллары Ѳзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бѳлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының докторанты болды.
Қарақалпақ тил билими қәнигелигиниң 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша докторанты сыпатында 2020-жылы «Қарақалпақ тилиниң сѳз жасалыў системасы» атлы темасында филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимовтың илимий мәсләҳәтшилигинде филология илимлериниң докторы (DSc) илимий дǝрежесин алыў ушын докторлық диссертациясын табыслы қорғады.
2018-жылдан 2023-жылға шекем Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының, Қарақалпақ тил билими бѳлиминиң баслығы лаўазымында 2023-жылдың январь айынан баслап усы институт директорының илимий ислер бойынша орынбасары лаўазымында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Пердебай Нажимов 90 нан артық илимий мийнетлердиӊ авторы, соның ишинде 2 монография, ЖОО талабалары ушын 1 оқыў қолланба ҳәм улыўма билим бериў мектеплеринде оқыў басқа тиллерде алып барылатуғын 2-класс оқыўшылары ушын мәмлекетлик тил бойынша сабақлықтың дүзиўшиси. Сондай-ақ, шет елдиң абырайлы журналларында мақалалары басылып шыққан. Институт ҳәм республика көлеминде алып барылған жәмийетлик ислерде де актив қатнасып келмекте, атап айтқанда ол:
Қарақалпақстан халық билимлендириўи ағласы;
Өзбекстан Республикасы Жоқары тәлим, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң “Филология, психология ҳәм педагогика илимлери” бағдары бойынша “Стартаплар” бойынша Илимий-техникалық кеңес ағзасы;
ӨзР ИА Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.02/25.08.2021.Fil.l37.01 санлы Илимий кеңес ағзасы ҳәм сол Илимий кеңестиң 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша семинардың баслығы;
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.03/30.04.2021.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес ағзасы ҳәм сол Илимий кеңестиң 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша семинардың ағзасы;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Атамалар комиссиясының ағзасы;
“Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Хабаршысы” ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ХБМ, ӨзПИИИИ (Өзбекстан Педагогика илимлери илимий изертлеў институты) Қарақалпақ филиалының “Муғаллим ҳәм үзликсиз тәлим” журналларының редколлегия ағзасы;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Президиум ағзасы;
Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий изертлеў институтының «Қарақалпақ филологиясының актуаль мәселелери» бойынша турақлы илимий семинар ағзасы ҳәм усы семинар қапталынан шөлкемлестирилген «Қарақалпақ филологиясының мәселелери» илимий топламының жуўаплы редакторы;
Сондай-ақ, П.Нажимов Қарақалпақ тили ҳәм Салыстырмалы тил билими, салыстырмалы әдебияттаныў ҳәм аўдарма теориясы қәнигеликлеринен филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) ҳәм филология докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертацияларға рәсмий оппонент сыпатында да актив қатнасып келмекте.
Жаслардың жәмийеттеги белсендилигин асырыў, ана тилимизде сап, таза гирбиӊсиз ҳалында еркин сөйлеў, оларды ақыллы ҳәм руўхый кәмил инсанлар етип тәрбиялаў, басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели искерлик алып барды. Алымныӊ бүгинги күнге шекем қарақалпақ тилиниӊ сөз жасалыў системасы, грамматикалық қурылысы, сөз жасаўдағы әдебий тилдиң ишки кең имканиятларын сәўлелендиретуғын монографиялары, оқыў қолланбалары, терең илимий машқалаларды өзинде қамтыған мақала ҳәм тезислери тек республика көлеминде емес, ал шет ел илимпазлары аудиториясына да усынылған.
П.Нажимов – өз исиниң жетик, шебер қәнигеси, жәмәәти арасында үлкен абырайға ийе, өмирде мийнетсүйгиш, илимде ҳасла тынып-тыншымай изленисте, шәкиртлерине билим-илим сырларын үйретиўде жалығыўды билмейди, ҳақ кеўил, кишипейил инсан.
Шаңарақта да перзентлерине дурыс жол-жоба берип, ҳадал мийнет етиўге үйреткен. Ол Айша Абдиреймова менен үш перзентти өсирип өмирде өз орынларын табыўда, белгили кәсип ийеси болыўда шыдамлылық пенен тәлим-тәрбия берген әдиўли ата. Улы – Искендер атасы ҳәм әкеси жүрип өткен машақатлы илим жолын таңлап, экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD), үлкен қызы Гүлбану – Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Орайлық поликлиникасында шыпакер, киши қызы Анар болса Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшы болып, ҳәр қайсысы жәмийетимиздиң түрли тараўында мийнет етип атыр. Зәбердес устаз илимий орталықта тоқтап қалған жоқ. Докторлық диссертация темасы бойынша көплеген илимий мийнетлерди баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислерде жолбасшы болып, шәкиртлерине де қарақалпақ тилиниң әҳмийетли мәселелериниң ылайықлы шешимин табыўда илимий темалары бойынша мәсләҳәт, жол-жорық бериўде ҳарып-шаршаўды билмейди, олар менен шын кеўилден ислеседи. Илимге инталы жасларды тәрбиялаў ислеринде де аянбай хызмет етип келмекте. Пердебай аға Нажимов – шын мәнисинде өзин илимге арнаған, тил билиминиң буннан былай да раўажланыўына үлес қосып киятырған ҳақыйқый алым.
Нариман Шынназаров,
Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими бас қәнигеси, Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша еркин излениўши.