Музейлер халқымыздың бай тарийхый мийрасын өзинде жәмлеген әжайып дәргай. Музейлерге саяхат етиў ҳәммемизге үлкен заўық бағышлайды. Мақтаныш
сезимлерине бөленесең.
Жақында мектебимиздиң оқыўшылары менен бирге Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейине саяхатқа бардық. Музейдеги халқымыз тарийхын ҳәзирги дәўиримиз бенен жалғастырып турған экспонатлардың ҳәр бириниң өзи үлкен гүрриңге татыйтуғынының гүўасы болдық.
Әсиресе, үлкемиздиң жабайы жанлы тәбияты көринислерин жәмлеген экспонатларды оқыўшылар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.
Музей ғәзийнесинде сақланып киятырған байлықларымыз, өнерментшилик, қол өнери буйымларына да қарап көзиң тоймайды. Ана Ўатанымыз, үлкемизге деген сүйиспеншилигимиз және де артты.
Саяхаттан жақсы тәсирлер менен қайттық.
Айнура АХМЕТОВА,
Нөкис қаласы, 36-санлы мектептиң тарийх пәни муғаллими.
