«Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!»

Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы алдынан «Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» сүрени астында республикамызда мәнаўият фестивалы болып өтти. Оған Ташкент ҳәм Нөкис қаласынан руўхый-ағартыўшылық орайы, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылары, жазыўшы-шайырлар, белгили театр ҳәм кино актёрлары, мәденият ҳәм көркем-өнер ғайраткерлеринен ибарат дөретиўшилик топар ағзалары Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында болды.

Бир ҳәпте даўам еткен мәнаўият фестивалы шеңберинде олар районлардың алыс түпкирлеринде жасап атырған халықтың арасында болып, бүгинги турмысын өз көзлери менен барып көрди ҳәм олар менен жақыннан сәўбетлести.

Олар «Инсан қәдири» жойбарында халық арасында үгит-нәсият илажларын әмелге асырды. Соның менен биргеликте имканияты шекленген жас өспиримлерге өзлери тәрепинен шөлкемлестирген байрам саўғаларын тапсырып, қайырқомлық исленди. Мәнаўият фестивалының тийкарғы мақсети – жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды ана – Ўатанымызға садық, пидайы перзентлер етип камалға жеткизиў ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға болған ҳүрмет туйғыларын асырыў, сондай-ақ, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў болып есапланады.

Және де айтажағымыз, халқымыздың өзине тән болған өзгешеликлерин, өтмиши, тарийхынан сөйлеўши архив фотосүўретлери, миллий ҳүжжетли кинофильмлер арқалы ҳәм де қарақалпақ халқының миллий өнерментшилик буйымлары өзлигин көрсетиў ҳәм халық арасынан шыққан көркем-өнерге ҳәм басқа да кәсиплерге яғный ата кәсибине садық халық перзентлериниң ата мәканларда еле де жасап, мийнет етип атырғанлығы келген мийманларды тәсийин қалдырды.

Ташкенттен келген мийманлар арасында филология илимлери кандидаты, профессор Рахимбой Жуманиязов, Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмон, шайыр Фароғат Худойқулова, театр актёрлары Тахир Рахимов, Баҳадыр Мирмухсинов, Шукуржон Суфиев, эстрада қосықшылары Ирода Искандарова, Бахтиёр Султанов, Жасур Рахимовлар менен ушырасыўда халық жақыннан пикирлес болды.

– Қарақалпақстанға келип жүрсем де, Мойнаққа биринши мәрте келиўим. Мойнақ районы Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен жаңаланып, адам танымаслық дәрежеде өзгерип атырғанын еситсек, мине гүўасы болып атырмыз. Бирең-сараң жерлерде қақыра жайлардың бар екенин көрип, бурынлары Мойнақ халқы усындай үйлерде жасаған деген гәпти еситип едим, соннан сездим, мине ҳәзир жаңа Мойнақ халқы заманагөй этажлы үйлерде яғный, киши районларда жасамақта. Буннан алдын Шымбай районының ең шетки «Майжап» аўылында да болғанымызда ол жердеги жасаўшы халықтың да балалары заманагөй мектеплерде оқып атырғанлығын ҳәм олардың ата-аналарының балаларының билими ҳәм жетискенликлеринен кеўиллери тоқ екенлигин көрдик. Бир сөз бенен айтқанда Жаңа Өзбекстанның жаңаланыўы усы жақтан басланған шығар, деп ойлаймыз, – дейди профессор Рахимбой Жуманиязов.

Мийманлар барған жерлеринде район ҳәкимлери, жуўапкерли хызметкерлер ҳәм де жергиликли халық тәрепинен жыллы жүзлилик пенен күтип алынды. Кешки пайытта Амфитеатрларда Ташкент ҳәм Нөкис қаласынан келген мәденият шеберлери, эстрада қосықшыларының атқарыўында өткерилген гала концертлер халыққа өзгеше заўық бағышлады десек болады.

Ҳәпте бойлап республикамыздың дерлик бәрше районларында болып өткен «Биз бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек Ўатанбыз!» мәнаўият фестивалы өз алдына қойған мақсетлерине жетисип, ўазыйпаларды толық орынлап шықты деп айта аламыз. Биз де өз гезегимизде республикамыздың гүллән халқын жақынласып киятырған Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қутлықлаймыз. Раўажланыў жолына қәдем қойған елимизде ҳәмийше тынышлық, татыўлық ҳүким сүрип, халықлар дослығы мәңги болғай!

Шүкирбай Сийпатдинов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.