Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳəм ўәлаятлар ҳəкимликлери тəрепинен коммерция банклери жəрдеминде район ҳəм қалаларда заманагөй хызмет көрсетиў комплекслерин ҳəм сервис объектлерин, атап айтқанда жайластырыў қураллары, турар жайлар ҳəм саўда-кеӯилашар орайларын жайластырыўды нəзерде тутатуғын мастер-реже жойбарлары таярланды.
Олар 2024-жыл, 1-августқа шекем аймақлық архитектура ҳəм қаласазлық кеңеслери менен келисип, тастыйықланыӯы белгиленди.
2024-жыл, 1-августтан əмелдеги жыл жуўмағына шекем Қурылыс ҳəм турақ-жай коммунал хожалығы министрлиги ҳəм де Кадастр агентлиги менен биргеликте усы аймақлардағы жер участкалары мастер-режелерге муўапық аукцион (e-auksion.uz) саўдаларына қойылады.
Район ҳəм қалалар бойынша ислеп шығылатуғын мастер-режелердиң тийкарғы бағдарлары:
- Қала ҳəм район орайларында урбанизация процесслерин жеделлестириў, атап айтқанда халық мүтәжликлеринен келип шығып, көп қабатлы ҳəм жеке тəртиптеги турақ-жайлар комплекслерин шөлкемлестириў;
- Халық тығыз жайласқан қала аймақларынан ағып өтетуғын суў бойларын абаданластырыў, пиядалар ҳəм велосипед коридорларын қурыў, олардың əтирапында жеңил конструкциялы көшпели саўда ҳəм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириӯ;
- Аймақларда халық, саяхатшылар ҳəм исбилерменлик субъектлери ушын қолай шараятлар жаратыў, сондай-ақ “жасыл” аймақларды көбейтиў, заманагөй хызмет көрсетиў ҳəм сервис объектлерин қурыў;
- Бос турған жер участкаларынан нəтийжели пайдаланыў, сондай-ақ экономикалық нəтийжеси жоқары искерлик түрлерин раўажландырыў, соның менен бирге бос турған жер участкаларын таяр лотларга ажыратып, электрон онлайн-аукционларда реализация қылыў;
- Аймақлардың инфрадүзилмеге болған мүтәжлигин баҳалаў, соның менен бирге зəрүр сыртқы инженерлик-коммуникация инфрадүзилмеси объектлери параметрлерин анықлаў.
Сондай-ақ, мастер-режелерди ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳəм əмелге асырыўды шөлкемлестириў ҳəм муўапықластырыў бойынша вертикал система шөлкемлестириледи. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 11 дана мастер-реже тийкарында жер участкалары аукцион саӯдаларына шығарылған.
Р.ЕСИМБЕТОВ,
«Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў» АЖ Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.
