Шоманайлы Гүлзар Кдирова өзиниң мийнеткешлиги, өнери менен көпшиликке үлги болып киятыр.
Тийкарынан ол тигиўши – исбилермен сыпатында өз кәсибин даўам еттирип атырған болса, оның өзине тән және өнери бар. Ол сүмелек писиреди.
Бәҳәр мәўсими жақынлағаннан Гүлзар Кдирова өзи писирген сүмелек пенен тек ғана шаңарағын емес, ал көплеген адамларды да қуўантыўға ҳәрекет етеди. Оның бул тағамды биринши мәрте қалай, қандай себеп пенен таярлағаны инсанды тәсирлендирмей қоймайды.
Гүлзардың балалық ўақытларында анасынан үйренгенлери өмир жолында көп пайдасы болды. Оның 18 жасында анасы қатты аўырып, сүмелек жегиси келеди ҳәм сол ўақытта биринши мәрте қәсийетли тағамды писирген.
– Ол күнди ҳеш қашан умытпайман, 18-апрель сәнеси еди, анамның қәлеўи бойынша сүмелек писириўди басладым. Бир өзим, бираз албырадым. Апам менен писиргендей болып шығар ма екен деп қорықтым. Бирақ, ең баслысы анамның сол ўақыттағы тилеги орынланды, – дейди Гүлзар.
Гүлзар өзге үйге келин болып түсип, өз өмир жолын баслап, шаңарақлы болғаннан соң үйренгенлери оған өмир азығы болды. 2013-жылдан баслап, бул дәстүрди даўам еттиреди. Солай етип, ол тек ғана өз кәсиби менен шекленбестен, сүмелектен де шаңарағына қосымша дәрамат келтириўдиң жолын тапты.
Гүлзар Кдирова үй алды егислик жеринде жетистирилген бийдайдан ҳәр бәҳәрде 5-6 мәртеге шекем, ҳәр писиргенинде 50 литрге шамалас таярлайды. Бир мәрте сүмелек писириўи ушин 25 килограмм бийдай жумсалады.
Сүмелекти таярлаў барысы оғада қурамалы ҳәм ўақыт талап ететуғын жумыс болып, қайнатыў 12 саат даўам етеди. Бунда оған өмирлик жолдасы, қәйиненеси ҳәм 5 перзенти де жәрдем береди. Балалары сүмелекти жүдә жақсы көреди ҳәм оның таярланыў барысын дыққат пенен бақлап, ойын-заўық пенен бири-бирине шаңарақлық байрам кейпиятын үлесиўге ҳәрекет етеди.
Гүлзар сүмелек писириўди тек ғана тағам таярлаў процеси деп есапламайды. Оның ушын бул – шыпалы, қәсийетли, өзгеше байрам саналады. – Сүмелек жүдә қәсийетли, шыпалы тағам, оны таярлаўда инсан ҳәм руўхый ҳәм физикалық тәрептен таяр болып, айрықша меҳир менен итибар бериў керек, сонда ғана өзиниң шийрин нәтийжесин береди», – дейди Гүлзар сәўбетимиз даўамында.
Бул сөзлер оның жоқары мәнаўияты ҳәм пидайылығының көриниси болып, оның өмирине болған көзқарасларын, жуўапкершилигин сезиндиреди. Бүгинги күнде, оның таярлаған сүмелегине, зағараларына тек ғана оның жасаў орнында емес, ал басқа район турғынлары тәрепинен де талап күшли.
«Буған себеп, сүмелектиң дәми ҳәм иштейди ашатуғындай сулыў реңи болса керек» – дейди оның өзи.
Гүлзар Кдирова, тек ғана өзиниң шаңарақлық дәраматын қоллап-қуўатлаўда емес, ал миллийлигимиз бенен дәстүрлерди сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў бағдарында да жоқары әҳмийетке ийе екенлигин түсинген ҳаял.
Сонлықтан да, Гүлзар сыяқлы мийнеткеш ҳаял-қызлар, өз ҳәрекетлери менен тек ғана шаңарақларына табыс әкелип қоймастан, ал пүткил жәмийетке илҳам дәреги болып хызмет етеди.
Гүлайым Нургалиева,
ҚМУ, 2-басқыш магистранты.
