ӨЗ ДӘЎИРИМНИҢ БАХЫТЛЫ ҚЫЗЫМАН

Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз төртинши сессиясындағы шығып сөйлеўинде Қарақалпақстан, атап айтқанда, Қарақалпақстанлы жаслар, ҳаял-қызлар ушын, олардың билим алыўлары ушын үлкен жеңилликлер белгиленди. ЖОО ларда Қарақалпақстан ушын бөлек квоталар белгиленгени әсиресе айрықша жаңалық болды.
Быйылғы жылда Президент шешимине муўапық, ЖООларда төлеў контрактларының өзгериўсиз қалдырылыўы мен сыяқлы жүзлеген жаслар кеўилинде шүкирлик сезимин оятты.
Мени қуўандырғаны: Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен биз жасларға берип атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлығы болып табылады.
Мен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 4-курс сыртқы бөлим студентимен. Жоқары оқыў орнымыз студентлери ушын бундай шексиз мүмкиншиликлер жаратылғаны бизге және де жуўапкершилик жүклейди. Биз Жаңа Өзбекстанды, Жаңа Қарақалпақстанды қурыўда Президентимизге қолқанат болыўымыз шәрт.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында Президентимиз былай деди:
«Мен Президент ретинде 6 жыл даўамында басқа аймақларға салыстырғанда ең көп, яғный 9 рет мине усы сақаўатлы орынға келип, бул жердеги ақсақаллар, исбилерменлер, жаслар ўәкиллери менен көп-көп сәўбетлер қурдым.
Бул дәўирде Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған 31 Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.
Аймақта исбилерменлик субъектлери саны 2 есеге артты, дерлик 4, 5 мың инвестиция жойбарлары жумысқа түсирилди.
Бир ғана усы жыл февральдағы сапар шеңберинде аймақты ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын 1, 5 триллион сум қаржы ажыраттық» Мәмлекет басшысының итибарынан шадланып кеткенимиз де рас. Соның менен бирге,

Президент тийисли тараў ўәкиллерине:
– Қарақалпақстандағы жас исбилерменлерге 7 жылға шекем мүддетке жеңилликли шәртлерде ссудалар ажыратыўды жолға қойыў;
– бос турған мәмлекет объектлеринде жаслар ҳәм ҳаял-қызларды шет тиллер ҳәм IТ тараўына оқытыў курсларын шөлкемлестириў мүмкиншилигин жаратыў, бул объектлерди исбилерменлерге 5 жылға шекем бийпул пайдаланыўға бериў;
– Қоңырат, Нөкис ҳәм Шымбай районларында 4 “Жумысқа марҳамат” моноорайларын шөлкемлестириў;
– тек Қарақалпақстанлы жаслар ушын мәмлекетимиздеги барлық жоқары оқыў орынларға 6, 5 мың қабыллаў квоталарын енгизиў;
– Қарақалпақстандағы мүтәжликтен келип шығып, экология, аўыл хожалығы, ирригация, қурылыс тараўларында таяныш докторантурада қосымша кадрлар таярлаўды жолға қойыўға тапсырма берди.
Бундай мүмкиншиликлер биз жасларды рухландырып жиберди ҳәм бизде өз гезегинде ўәде беремиз, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосамыз!

Лобархон Базарбаева,
ҚМУ студенти.