(Даўамы. Басы өткен санда)
– Атаңыздың ҳәйкели бар иште, келиң кириң, кѳриң, сүўретке түсиң – деди. Келгели усы дәрўазадан ишке кириўди нийет етип жүрген мениң әрманым усылайынша аңсат әмелге асты.
– Мына жерде отырып, дем алатуғын еди-деди сыртта кѳрпеше тѳсеп қойылған сыпаны кѳрсетип. Үйиниң әтирапының бәри бағ екен.
Ѳзбекстан Қаҳарманы, Ѳзбекстан Халық шайыры, гимнниң авторы, қарақалпақ халқының да ҳүрметине сазаўар болған шайырдың дѳретиўшилик еткен, жасаған жерлерин кѳрип ҳәўеслендик. Оның бюсти жанында сүўретке түстик. Кеўлиңе жыллылық бағышлайтуғын гүлзарлықтың сулыўлығынан заўықландық.
– Атаңыз бенен бес қыз, бир улды тәрбияладық. Ҳәзир олардан ақлықлар кѳрип, соларды бағып отырман-деди шайырдың ҳаялы. Шайырдың сол дәрежеге жетиўинде әлбетте, артында турған усындай жақсы, пидайы, ақыллы ҳаялының үлеси бар-деп оған ҳәўесленип қарап қойдым. Уллы инсанлардың уллылыққа аңсатлық пенен жетиспейтуғыны ѳмирде белгили. Сондай инсанның ҳаялы қәлбимде өзгеше орын қалдырды. Дѳретиўшиликти еле де жанымдай сүйип қалдым. Қолымнан басқа ѳнер келмесе де жазыўдың келгенине қуўанып, бул уллы дәргайдан узақластық. Енди Зульфия шайырдың босағасынан ишке қәдем таслаўды ойладым.
Шайырдың айнасы алдында турған бир түп ерик ҳаққындағы қосығын ҳәмме сүйип оқыймыз.
– Сол ерик еле бар. Ҳәзир бул жерде шайырдың улының үлкен перзенти жасайды. Шайырдың келини Рая киши баласы менен басқа үйинде турады. Иште Зульфияның ҳеш жерде жәрияланбаған қосықлары, Хамид Алимжанның қол жазбалары бар. Ақлықлары оларды жүдә абайлап сақлайды. Үйине кириўди онша хошламайды – деди олардың бағының қараўылы. Шайырдың улының туўылған күнине бул шаңараққа мийманлар келди. Зульфияның еки перзенти болған. Келини Рая апа перзентлер қоршаўында жасап атыр. Алыслаў отырғышта бул үйге кирген мийманларды тамашалап отырдық.
– Ең болмаса Зульфия шайырдың ақлықлары менен шаўлықларын жақыннан кѳремиз ғой-деген ой болды. Күйеўиниң еслеў кешесине киятырған Рая апа менен сѳйлесиўди де ойладым.
– Мәйли, және бир ўақытлары кѳрисемиз-дедим.
Олар ушын бизлердиң берген сораўымызға жуўап бериў қәдимги әпиўайы бир ўақыя болып түйилер. Бирақ, биз дѳретиўшилерге Зульфия – деп пүткил әлемге мақтаныш оятып кеткен ѳзбек шайырының биз билмеген және қандай тәрепи бар? – деген сораўға жуўап табыўдың бизлер ушын ѳзгеше екенин түсине бермесе керек.
Жазыўшы Оразбай Абдирахмановтың есигиниң алдына шекем барып, күнниң дым кеш болып кеткенин ойлап, изге қайттым. Ертесине Оразбай ағаны ҳаялы менен ѳтип баратырғанда жолда кѳрдик. Ҳәр күни аўқат үстинде белгили журналист Рысгүл апа Жумабаева екеўмиз бир нәрселер туўралы сѳйлесип отырамыз. Шарапатдин аға Аяпов кем сѳйлейди. Ара- тура сѳйлесе де сѳзлери салмақлы. Китаплар ҳаққында сѳз кеткенде Т.Қайыпбергеновтың «Бахытсызлар» романы ҳаққында мына пикирди айтты.
– Сол дәўирдиң бахытсызлары ҳаққында қорықпай жаза алған бахытлы адам ким? – деп оқыўшыларға сораў бериў керек. Оларға:
– Соларды қорықпай айтқан Т.Қайыпбергенов бахытлы-деп үйретсек сабақтың да қуны асады.
Т.Қайыпбергеновтың сѳз саплаўларындағы ѳзине тән ѳзгешеликлерди мысаллар менен оқыўшыларға кѳрсете алыўымыз үлкен жетискенлигимиз болар еди.
Рысгүл апаның айтыўынша Шарапатдин Аяпов, Алишер Наўайының бир қосығын қарақалпақшаға аўдарыў ушын еки ай үйренген, изленген екен.
– Аўдарма жаман шықпады. Наўайының юбилейинде сол қосықты оқыды. Банкетине мен де келип, қатнастым – деди Рысгүл апа.
– Мына шынардың қасында турып, ағаң Қайыпбергеновты усыған мегзеп қосық шығарды. Бирақ, оны жазыўшыға мақтанып айтпады – деди сырттағы шынар дарағына қарап турып. Әпиўайы инсан, талантлы шайыр Шарапатдин ағаға ҳүрметим бәлент болса да бул жерде ол ҳаққында кѳплеген мағлыўматларға ийе болдым.
– Бәрқулла жазыўшы-шайырларын ҳүрметлеген халықпыз. Бул жерде кѳплеген дѳретиўшилердиң үйлери бар. Эркин Вахидовтың үйин балалары тазадан салып, питкерди. Мынаў Тѳлепберген Қайыпбергеновтың усы жердеги дала ҳәўлиси – деп кѳрсетти Рысгүл апа. Бул жерде ҳеш ким жасамаса керек дәрўазасы ашылмады.
Гейде жазыўшы-шайырлар ҳаққында кѳбирек сѳйлесемиз. Бир сапары талантлы шайыр Әскербай Әжиниязов туўралы Рысгүл апаның айтқанларын дәрҳал басымдағы «компьютериме» жазып ала қойдым.
– Әскербай ағаның тислерин салдырып бергенде ол үйде жасады. Билесиз, кѳбирек мәс болып жүретуғын еди.
– Денсаўлығыңды ойла, енди үйленесең-деп мына ағаң менен Минайхан Жуманазарова оны бир ҳаял таўып үйлендирмекши болды. Бир-бири менен ушырастырды. Әскербай ағаға жақты. Арақты да ишпей, жаңа ѳмирге таярланды. Бир күни белгили журналистиң юбилейи болды. Сол күни ол «ѳз жолы»на және кетип қалды. Соның менен үйлениў мәселеси де умытылды. Салдырып берген тис протезди жоғалтып алды. Талантлы адамлардың сондай бир кемшилиги болады екен – деди Рысгүл апа.
– Китабыңыз болса бериң. Ѳзбекшеге аўдарайын – десек топа-торыстан Жиззақлы жазыўшы ҳаял.
«Тәғдир сынаўлары» атлы китабымды китапханаға саўға еттим.
Асханадағы, басқа да хызметкерлери бәри-бир жақсы. Даўысын кѳтерип, урысып сѳйлеген биреўин кѳрмедик. Қолы көксинде, кѳрсе неше мәрте сәлеми аўзында, күлип турған инсанларды шынында да ѳз жақыныңдай кѳрип қаласаң. Бизиң ўазыйпамыз ҳәр кѳргенде сәлемин әлик алып, аўа жақсыман – десек болды.
Шаўқым-сүренли Нѳкиске, ҳәр күни таяр туратуғын той-мерекелерге, мың тәшўиши бар газетадағы жумысыма қайтқым келмей қалса да булар да әлле қашан ѳмиримниң бир бѳлегине айланып үлгерген. Шаңарағыма, перзентлериме ҳәр күни керекпен. Оларға ҳәм ѳзиме де ѳзим керекпен. Жылына бир мәрте жаныма дем бермесем мен де тас емеспен. Быйылғы мийнет дем алысым усылайынша жақсы ѳтти. «Дүрмен әңгимелери» атлы Шадман Атабектиң китабынан ѳзим аўдарған қысқаша ҳәзиллерди газетаның келеси санларында сизлерге де усынбақшыман.
Усы мақаланың жазылыўына да усы китап себепши болды.
Бурын С.Айнийдиң сатиралық гүрриңин газетаға аўдарып беретуғын едим. Кеўилим кѳп нәрселерди күсеп қалды. Жәҳән әдебиятының дүрданаларының шығармалары қарақалпақ тилине аўдарылып атыр. Мен не қылып отырман? Аўдармаға да қол уратуғын ўақтым ѳтип баратыр ғой. Қулласы, мойныма ѳзимше кѳп ўазыйпаларды жүклеп, Нѳкиске қайттым.
Мениң алға қойған мақсетлерим, әрманларымды поезд зорға кѳтерип, ыңыранып қояды.
– Сәлем Нѳкисим! Сәлем туўылған мәканым! Шаң-тозаңлы, қыста қатты суўық, жазда қайнап турсаң да бәри-бир ѳзиңнен жәннетмәкан үлке қайда маған! Емин-еркин жүрип, танысларына еркинсип, арқайын жасаўға не жетсин!
Арыўхан ТУРЕКЕЕВА.
Ташкент 2022-жыл.
