Студент гезлеринде ийнине қара сумкасын асынып, ҳәр қыйлы таза басламалар менен жуўырып-жортып жүретуғын нәўқыран жас жигиттиң қысқа ғана өмири усылай жуўырыўы менен өтти де кетти. Лекин, ол мәзи бир басқа адамлар сыяқлы бул дүньяда қуры жасап өтпеди. «Жақсыдан бағ қалады» дегениндей оның изинде халқына ислеген хадал хызметлери, мийнетлери, перзентлери ҳәм ол ҳаққында жақсы еслеўлер қалды.
Пүткил дүньяға өзиниң қара излерин қалдырып, қаншадан-қанша инсанлардың дастығын қуртып кеткен коронавирус бәлеси Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директоры, Нөкис FM ҳәм Жаслар каналының шөлкемлестириўшиси Бахытбек Елмановты да арамыздан алып кеткенинде ол енди ғана 48 жаста еди. Оның усы кеселлик пенен наўқасланып, емлеўханада екенлигин еситкен халық жақсы болып кетиўине тилеклес болып, Жаратқаннан мәдет сорады. Әттең, сум әжел
оны арамыздан алды да кетти…
Бахытбек Елманов пенен университетте қатар оқығанбыз. Ол тарийх факультетинде билим алды. Бир күни Қарақалпақстан телевидениесиндеги «Жаслық» көрсетиўинде бир қатар студентлер тиккелей эфирге түсиўге бардық. Сонда үшинши курс пайытларым еди. Студияның сыртында сәўбетлесип турғанымызда «Ҳәзир шет еллерде жеке меншик теле ҳәм радиоканаллар ашылып кетти. Мине бизиң елимизде ғәрезсизликке ерисип, көп жаңалықлар болып атыр. Еле көресиз, бизлерде де сондай каналлар ашылады. Мен бир проект жазсам, грант утып алсам радио ҳәм телеканал ашаман, сөйтип бәриңизди жумысқа аламан», – деп ҳәзиллесип күлди ол биз болажақ журналистлерге. Бизлер оның бул сөзин бир қыялпараздың гәпиндей көрип «онда қашшан жумыслы болдық ғой» деп күлисип қойдық. Мине, соннан берли арадан отыз жылға шамалас ўақыт өтти. Оқыўды питкерип, ҳәр ким өмирден өз жолларын таўып кетти. Ал, Бахытбек болса өзи тарийх факультетин питкерседе журналистикаға деген қызығыўшылығы, жаңалық ашыўға талпынысы менен өзиниң сол «идея» ларының жетегинде тынып, тыншымады. Ақыры соң нешше жыллар даўам еткен жуўырыўлар, излениўлер нәтийжесинде 2009-жылы 5-сентябрде республикамызда биринши мәрте (еледе биринши болып қалмақта) «Нөкис FM» радиоканалы иске түсти. Бул халқымыз ушын үлкен жаңалық болды ҳәм тыңлаўшылар үлкен қуўаныш пенен қабыл алды. Бул оның нешше жыллар бурын кеўлине түйген әрманының орынланыўы еди.
– Бул радиоканалды ашыў аңсатқа түспеди. Оның ушын Бахытбектиң көп мийнети сиңди. Баста «Жаңа толқын» деп қоямыз деп жобасын ислеп жүрди, бирақ соң «Нөкис FM» деп атаўды мақул көрди, – дейди оның өмирлик жолдасы Минайым. – Радиоканал еледе ертерек ашылыўы керек еди лекин, тилекке қарсы техниканың шет елден алып келиниўиндеги болған қыйыншылықлар-бажыханадан өтпей қалыўы себепли питетуғын ис артқа сүрилип келди. Сонша мийнет, сонша ҳәрекет, сонша қәрежет, техника бәри күйип кетти. Ол усы жағдайдан кейин бәрин ишине салып аўырып та қалды. Лекин, ҳеш қашан сыртқа шығарып билдирмес еди. Тек ғана Қуда қалесе бәри жақсы болады дер еди. Буның менен ол руўхын сындырмады, өзинде күш таўып жойбарды қайтадан қолға алып, және даўам етти ҳәм үскенелерди автобусқа тийеп, күни-түни дем алмастан алып келди. Сондағы қуўанышын айтпайсызба?! Ҳәр бир затын әлпешлеп, ҳеш кимге тийдирмей төрги бөлмеге қойдық. Солай етип жаңа радиоканалды ашыў ушын шөлкемлестириў жумысларын баслап жиберди.
Техника алып келингени менен еле күтип турған жумыслар көп еди. Лицензия мәселеси қыйын болғанлықтан радиоканалды «Камолот» ЖЖҲ қасынан ашты. Радиобаслаўшыларды таңлап алыў ушын кастинг өткерди ҳәм оларды «Водий садоси», «Гранд» радиоканалларына ис үйрениўи ушын жиберди. Биринши еситтириўлер РТПЦ да өтти, кишкене бир ханада, соң «Туран» стадионында ижарада турып еситтириўлер алып барды.
Радио баста тек 40 км диапазонда ислейтуғын болса кейин ала радио антенналарды созып, 70 км диапазонда Мойнақ 101.9, Қоңырат 101.5 толқынларында иске түсти. Радиоеситтириўлер сапалы ҳәм тартымлы болып таярланыўында Бахытбек бәрқулла излениўден шаршамады. Радиоеситтириўлер үш тилде алып барылатуғын болды. Ол өз әтирапына күшли команда жәмлей билди. Яғный, радиоеситтириўлердиң халыққа унамлы дәрежеде жетип барыўы ушын билимли ҳәм талантлы жасларды жәмлеп, аўызбиршилик пенен көп нәтийжелерге еристи. Даврон Халимов, Бегзад Алланиязов, Лаззет Есемуратова, Мийригүл Есимбетова, Улбоған Еримбетова, Александра Белова (Аврора), Фарид Орынбаев (Бексултан), Дилбар Смайлова (Бону), Ислам Сатуллаев, Улмекен Сапарова, Ислам Айымбетов ҳәм тағы басқа да жас талантлар жағымлы ҳаўазы ҳәм тартымлы еситтириўлери менен халқымызға тез танылды.
– Бахытбек аға шөлкемлестириўшилик қәбилетке ийе, талантлы басшы еди. Ол жас журналистлерге үлкен мектеп жаратты десем қәтелеспеймен. Еле есимде, Нөкис FМ радиоканалын ашып атырған ўақытта сондай талантлы жасларды жәмлей билди ҳәм биз бәршемиз бир шаңарактың перзентлериндей болып кеттик. Ол ҳеш қашан жаман сөз сөйлемес еди. Бәрқулла биз шәкиртлериниң мақтаўын берип, келешекке исенимимизди арттырып барды ҳәм нәтийжеде қысқа ўақыттың ишинде радиоканал өзи күткенииндей нәтийжеге еристи. Нөкис FМ де алып барған радиоеситтириўлерим бойынша устазымнан алған билимлерим жүзеге шығып, 2017-жылы «Алтын қәлем» халықаралық таңлаўында үшинши орынды женип алыўға миясар болдым. Буның ушын оннан шексиз миннетдарман. Устазымыздан үйренген тәжирийбелеримиз бүгинги күнде де өз нәтийжесин бермекте, – дейди шәкирти, тележурналист Улбоған Еримбетова.
2018-жылы 21-январьда оның және бир үлкен әрманы иске асты. Ол Нөкис ФМниң қасынан «Жаслар» телеканалын ашты.
– Телеканал ашылып, иске түскен ўақытта оның қуўанышының шеги болмады. Тап өзин егизек перзентлердиң әкесиндей сезинген еди. Эфирден биринши көрсетиў берилгенде екеўимиз ТВ ның күшин, экранның өзине тартатуғын басқаша күш екенлигин аңладық, – дейди Минайым.
Бахытбек Елманов өзиниң жеке меншик радио ҳәм телеканалына басшылық етиўи менен бирге Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясында да басшы лаўазымында жумыс алып барды. Ол өмириниң ақырына шекем өзине бекитилген ўазыйпаларды жуўапкершилик пенен атқарып, Қарақалпақстан радиосы ҳәм телевидениесинде еситтириў ҳәм көрсетиўлерди сапа жағынан жоқары дәрежеге көтериўге, кадр мәселеси, жаңа аппаратуралар, инвентарлар ҳәм ишки дизайн мәселелерине итибар қаратып, бул бағдарда көплеген жумысларды әмелге асырды.
Ол әлемнен өткенде, ҳәмме ушын бир сораў турар еди. Оның исин ким даўам еттиреди деген сораўдың жуўабы шешимсиз қалмады. Ойламағанда арқа сүйер асқар таўынан айрылып, түскинликке түсип қалған Минайым жәмәәттеги қыз-жигитлердиң жәрдеми менен өзинде күш таўып, Бахытбектиң исин даўам еттириўге бел байлады.
– Бахытбек мениң өмирлик жолдасым болыўы менен бирге устазым да болды. Ол бул әлемнен ерте кететуғынын сезгениндей-ақ соңғы гезлери маған Нөкис FM ҳәм Жаслар каналын басқарыўым кереклигин көп айтатуғын еди. «Минай сениң қолыңнан келеди, сен ислей аласаң» дер еди ол. Ол мени усы тараўға бейимлестирип таярлай баслады. Биргеликте көплеген семинар-тренинглерге қатнастық. Ташкенттеги радиостанцияларға барып тәжирийбе үйрендик. Ол бизди таслап кеткенинде қулазыған бир ашықлық майданда қалғандай болдым. Алты ай дегенде өзиме келгенмен. Себеби мениң алдымда енди жылап-сықлап отырыў емес ал, Бахытбектиң сонша мийнет пенен ашып усы дәрежеге әкелип кеткен жумысларын даўам еттириў, жәммәттиң исенимин ақлаў ҳәм перзентлеримниң тәрбиясына қараў жуўапкершилиги турар еди. Барлық қыйыншылықларды жеңип оның жумысын даўам еттириўди парызым деп қабылладым, – дейди Минайым.
Минайым Палўанова ҚМУда оқытыўшы болып ислеўи менен бирге ҳәзир өмирлик жолдасының исин даўам еттирип, жәмәәт пенен бирге жаңа басламалар үстинде жумыс алып бармақта. Жаңа көрсетиўлер, еситтириўлер таярлаў, жас баслаўшыларды жүзеге шығарыў, тәжирийбели қәнигелерди жыйнаў, аппаратуралар алыў, студияны безеў, финансты көтериў қулласы, қандай қыйыншылық болса да бәрине биргеликте ат салыспақта. Нәтийжелер жаман емес. Өзбекстан Баспасөзи ҳәм ғалаба хабар қураллары миллий Ассоцияциясының «Янги Ўзбекистон-Янги нигоҳ» миллий медиажойбарына қатнасып, бир неше ноутбук ҳәм монтаж студиялары менен және ақшалай сыйлықланды. Бул қәрежетлерге заманагөй аппаратуралар, сес техникаларын сатып алды. Елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген «Озод юрт тўлқинлари» фестивалы, «Миллий мийрас» халықаралық форумы, «Uzbekistan Media Award 2021» социаллық медиаматериаллар таңлаўына бағышланған сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда «Жаслар» телеканалы «Ең жақсы күн» көрсетиўи, «Ең креатив көрсетиў» ҳәм журанлист Мухтар Умбетов «Ең жақсы радиожурналист» номинация жеңимпазлары деп табылып, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бахытбектиң әрманлары әсте-ақырын орынланып, исленген жумыслар жүзеге шықпақта. Ол радионы пүткил республика бойлап тарқалыўын нийет еткен. Жақын арада оның бул әрманы орынланып, Беруний районына антенна орнатылыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ал телеканалда болса студиялар заманагөй усылда безетилип, жаңа көрсетиўлер бағдарында жойбарлар исленбекте.
Мине ол анасын, туўысқанларын, өмирлик жолдасын, перзентлерин, досларын таслап кеткенине де еки жыл болмақта. Ол арамызда болғанында 15-сентябрь күни 50 жасты қарсылаған болар еди. Өзи әлемнен өткеннен соң оның мийнетлери мүнәсип баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. «Орнында бар оңалар» дегениндей, өзинен мийрас қалған перзентлери шаңарағында анасының қол қанаты. Үлкен қызы Севара ҚМУда 3-курста билим алып атырған болса, екинши қызы Гүлзира жақында Ташкенттеги Жәҳән тиллери университетине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кирип, шаңарағын қуўанышқа бөледи. Кишкенеси Әжинияз болса мектепте 5-класста билим алмақта. Үш перзентиде өзи сыяқлы талантлы, қәбилетли, билимли. Севара радио ҳәм телеканалда еситтириўлер, көрсетиўлер алып барады.
Бүгин оның студиядағы орны бос тур. Кабинетиндеги креслода өзи жақсы көрип кийетуғын костюмы илинген. Тап ҳәзир кирип келетуғын сыяқлы. Лекин, студияда ҳәр күни жумыс ҳәўижинде. Өзи таярлап кеткен шәкиртлери халқымызға руўхый байлық инам етиў ушын тынып-тыншымайды. Оның баслаған ҳеш бир иси тоқтап қалған емес. Демек, ол екинши өмирин жасамақта.
Руўхларың шад, о дүньяң абад болсын Бахытбек.
Гүлнара Турдышова,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
