ДОСЛЫҚ ҲАҚҚЫНДА

Ѳмирде дослықтың тутатуғын орны қандай? Достың сени қайларға сүйрейди? Мениң әтирапымда шын достым бар ма? Усы сораўлар ҳәр бир жасты ойландырады. Дос кимлигин мектеп пайытынан, баслаўыш кластан баслап үйренемиз. Мектепте устазларымыз бизге дослықтың қүдиретин, оның сырлары менен таныстырады. Бул жастағы балалар ѳзиниң бирге ойнайтуғын адамын дос деп санайды.
Дос адам әсиресе, қыйыншылықта сыналады. «Жаман дос жаўын менен бирге шабады», «Жолдасын таслаған жолда қалады», «Күлме досқа келер басқа» деген ҳикметли гәплерде бар дана халқымызда.
Досты кѳбейтиў, арқалы дослықты беккемлейик ҳәм досларымыздың қәдирине жетейик. Досларымыз арқалы кѳп жаңа басламаларға жол табайық, досларым.
Айдана Нағашбаева,
Нөкис қалалық, 23-мектеп оқыўшысы.