2019—жылы елимизге ѳзиниң қорқынышлы аты менен кирип келген коронавирус кеселлиги неше бир адамлардың «дастығын» қуртты. Халқымызға белгили инсанлардан усы кеселлик себепли айырылып қалдық. Әсиресе, бул кеселлик кекселерде жүдә аўыр ѳтеди. Бул әпиўайы шамаллаўдай болып кѳрингени менен ѳткир респиратор синдром деп аталыўшы қыйын кешиўши кеселлик. Кекселерде кеселлик клиникасы вирус жуққаннан 2-14 күн ѳткеннен кейин бой кѳрсетеди. Аўырыўда дене температурасы жүдә жоқары болады. Дем алғанда кѳкирек тәрепинен аўырыў басланып, дем алыўы аўырласады. Бурын қандай аўырыў менен аўырған болса (қантлы диабет, қан басымының жоқарылаўы, жүрек ҳәм басқа да) сол аўырыўларды қозғап жибереди. Усының нәтийжесинде аўырыўдың жағдайы бирден тѳменлейди. Бул енди кирип келген кеселлик болған соң медицина оны емлеўде дәслебинде әззилик қылды. Емлеў жоллары табыламан дегенше вирус сол дәрежеде кѳп адамларды ѳзиниң «зәҳәри» менен әлле қашан «уўлап» болған еди. Дүньяның кѳплеген мәмлекетлери бул кеселликтен зыян кѳрди. Ҳәттеки, үлкен-үлкен кәрханалар тоқтап, ҳәмме карантинде үйлеринде жатты. Коронавирус ҳәм руўхый ҳәм материаллық тәрептен жүдә кѳп зыян келтирди.
Бүгинги күни де бул кеселликти толық кетти-деп айта алмаймыз. Грипп сыяқлы кеселлик үйреншикли аўырыўдың түрине кирип, арамызда қалды. Адамлар дәслеп соншелли қорқынышқа түскен болса енди олар бәрин жеңип ѳтти. Организмлеринде бул кеселликке қарсы гүресиў процесси қәлиплести. Деген менен коронавирус пенен бир яки еки мәрте аўырған аўырыўларда оның симтомлары еле де ушырасып турады.
Кеселликтен соң организмниң тиклениўи аўыр кешиўи мүмкин. Ол ушын дурыслы аўқатланыў, дене шынығыўларын ислеў, шыпакерлер кѳригинен тез-тез ѳтип турыў, қулласы ѳзиниң денсаўлығына жүдә итибарлы қараў керек болады. Әсиресе, үйлериңизде кекселер усы кеселлик пенен аўырған болса олардың денсаўлығына бийпәрўа болмаңлар. Тақыятаста оларға арналған санатория бар. Бийпул жоллама алып, ата-анаңызды ѳз ўақтында қаратып турыўыңыз сизиң перзентлик парызыңыз. Ата-анаңыз сизлерди қандай әлпешлеп асыраған болса олар да кексейип, сизлердиң қолыңызға қарап қалғанда итибарыңызды аямаңыз – демекшимен.
Себеби, бүгин жасларымыз оғада ақыллы, билимли. Жаслар газетасы арқалы усыларды айтқандағы мақсетим де оларға болған исенимимиздиң күшлилиги деп билерсиз.
Роза ХАБИБУЛЛАЕВА,
Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын Тақыятас санаториясы шыпакери.
