УЛЛЫ ЕЛДИҢ УЛЛЫ ИМКАНИЯТЛАРЫ

Ѳзбекстан келешеги уллы мәмлекет. Буның айқын дәлили сыпатында келешек ийелери болған жасларға қаратылып атырған күшли итибар, жаратылып берилип атырған қатар имканиятларды айтып ѳтсек болады. Әсиресе, жаслар ушын билимлендириў тараўында жаратылып берилип атырған мүмкиншиликлер бул келешекте Ўатанымыз раўажланыўы жолында хызмет ететуғын жетик, маман қәнигелер жетилисип шығыўында әҳмийетли орын тутады.
Президентимиз айтқанындай ҳәммемизге белгили, раўажланыўдың ирге тасы да, мәмлекетти қүдиретли Миллет ететуғын күште бул-илим-пән, тәрбия ҳәм билимлендириў болып есапланады. Ертеңги күнимиз, Ўатанымыздың айдын келешеги, биринши нәўбетте, билимлендириў системасы ҳәм перзентлеримизге берилип атырған тәрбиямыз бенен байланыслы.
Хабарыңыз болса, Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл, 7-июнь күнги «Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм сапластырыў системасын жетилистириў ис- илажлары ҳаққында»ғы 312-санлы қарарына тийкарланып «Жаслар дәптери» не киритилген жаслардың машқалаларын үйренген ҳалда оларға тийисли тәртипте жәрдемлер кѳрсетип келинбекте. Мәселен, усы күнге шекем Жаслар ислери агентлиги тәрепинен Нѳкис қаласындағы «Жаслар дәптери» не киритилген 540 жасқа әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қураллары тапсырылды. Соның менен бирге 115 жасқа автомобиль басқарыў гүўалығын алыў ушын оқыў қәрежетлери, 223 жасқа әскерий мобилизацияға барыў ушын шәртнама қаржылары, 1516 жасқа бир мәртелик жәрдем пуллары ҳәм 816 жасқа жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып атырған жасларға шәртнама (контракт) қаржыларының 50 процентине шекем болған қаржылары тѳлеп берилди. Сондай-ақ жаслардың заманагѳй кәсип ийелеўи, информациялық-технологияларды үйрениўи ҳәм оларды шет тиллерин үйрениў курсларында оқытыў бойынша 6 айлық оқыў курсларында 850 жас бийпул оқытылмақта.
Жаслар менен ислесиўде Нѳкис қаласы тәжирийбеси негизинде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинен жаслар да ҳәм олардың ата-аналары да ҳүкиметимизден миннетдар болмақта. Усы тәжирийбениң даўамы сыпатында Қарақалпақстан Республикасының барлық районларындағы «Жаслар дәптери»не киритилген жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып атырған 675 жастың шәртнама (контракт) қаржыларының 50 процентине шекемги болған муғдарын тѳлеп бериў ислери әмелге енгизилип баслады.
Мине усы қуўанышлы күн жақында пайтахтымыздағы Бердақ атындағы мәмлекетлик сазлы ҳәм опера театрында болып ѳтти. Онда жасларымыздың қуўанышына шерик болыў мақсетинде Ѳзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры орынбасары Аблаяров Феруз Кәримович Қарақалпақстан Республикасы жасларын онлайн байланыста қызғын қутлықлады. Онлайн байланысына мәмлекетимиздиң бәрше ўәлаятлары Жаслар ислери агентлиги қәнигелери қатнасты. Кейин Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары А.Данияров сѳзге шығып, Нѳкис қаласындағы тәжирийбениң қалай басланғанын ҳәм бул ислердиң еле де даўам ете беретуғынын айтты.
—Усы орында соны да айтып ѳтиўим керек, бүгин Сизлер ушын шәртнама пулларыңыздың 50 процент муғдарында қаржы ажыратылмақта. Мәмлекетимизде биз жасларға усындай имканиятлар жаратылып берилип атырған екен, биз де ѳз белсендилигимиз бенен елимизге хызмет қылайық, – деп жасларды жақсы билим алыўға шақырып, бәршени қутлықлады.
Буннан кейин сахнаға ҳәр бир райондағы жаслар ислери агентлигиниң районлық бѳлим баслықлары мирәт етилип, оларға А.Данияров пенен Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Мақсетбаевлар арнаўлы ваучерларды салтанатлы жағдайда тапсырды.
Кеше соңында республикамыз мәденият хызметкерлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Әлбетте, бундай мотивациялар жаслардың алға илгерилеўине түртки болары сѳзсиз. Солай екен, бизде сизлерге бүгинги жаратылып атырған имканиятлардан толық пайдаланған ҳалда, ўақтыңызды босқа сарыпламастан билим алыўыңызға, илим ийелеўиңизге, келешекте елимиздиң раўажланыўы жолында Журтбасшыларымызға қол-қанат боласыз деген нийеттемиз.
Шүкирбай
СИЙПАТДИНОВ,
Ѳз хабаршымыз.
Сүўретлерде: Салтанатлы кешеден кѳринислер.
М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўретлери.