2009-жылдыӊ 21-декабрь күни Бас Ассамблеясыныӊ резолюциясына тийкар «13-октябрь Халықаралық тәбийий апатлар қәўипин кемейтиў күни» деп жәрияланды.
Айрықша жағдайлардан толық кепилленген ҳеш бир мәмлекет жоқ. Тәбийий апатлардыӊ үлкен кишиси болмайды, ол мәўсим таӊламайды. Айырым мәмлекетлерде ҳаўа ҳәдден зыят ысып кетсе, базы еллерде суў тасқыны жүз бермекте. Қайсы бир мәмлекетте өрт келип шықса, басқасында буныӊ кериси жүз бермекте. Жер силкиниўи, көшки ҳәдийселери де көплеп жүз бергенинен хабарыӊыз бар. Итибар берген болсаӊыз усы жылда да дүньяныӊ көпшилик мәмлекетлери тәбийий апатлардан көплеп жәбир көреди.
Сол себепли, Бирлескен миллетлер шөлкеми Бас Ассамблеясы Халықаралық тәбийий апатлар қәўипин кемейтиў күнин өткериў ҳаққындағы резолюциясын бийкарға қабыл қылған жоқ.
Айрықша жағдайлар ўақыт ҳәм жас таӊламайды, – дейди.
Солай екен, айрықша жағдайлардыӊ жүз бериўине, атап айтқанда, тәбийий апатларға таяр турыў, оннан қорғаныў қағыйдаларын жаслықтан баслап өзлестириў орынлы. Усы мүнәсибет пенен 2006-жылы басланған Халықаралық тәбийий апатлар қәўипин кемейтиўди үгит-нәсиятлаўда “Апатлар қәўипин кемейтиў искерлиги мектептен басланады”, деп бийкарға айтылмаған.
Соныӊ ушын да жүз бериў қәўипи болған тәбийий апатлардыӊ алдын алыў ҳәм сапластырыў, халықты айрықша жағдайлардан ескертиў бойынша айырым мәмлекетлер қорғаныў илажларын өткерип келмекте.
Атап айтқанда, мәмлекетимизде де ҳәр жылы Халықаралық тәбийий апатлар қәўипин кемейтиў күни кеӊ түрде белгиленеди. Себеби, республикамыз майданыныӊ көпшилик бөлеги сейсмик белсенди аймақта жайласқанлығы, жер силкиниўи, суў тасқынлары, топырақ ҳәм қар көшкилери, таўлардан тас түсиў сыяқлы ҳәр түрли жағдайларына байланыслы тәбийий апатлар жүз бериўи итималы барлығы бизден бул мәселеге айрықша итибар қаратыўды, ҳәр дайым сергек турыўды талап етеди.
Р.ИСАЕВ,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Үгит-нәсият бөлимшеси баслығы, капитан.
