ТЫНЫШЛЫҚ ТАҢЫ АТАР ЕЛИМДЕ

Атқан таң ҳәммеге мүбәрек болсын!

Бул таңға жеткен де, жетпеген де бар,
Таңға илесе алмай шетнеген де бар,

Ҳәр таңға шүкирлик етиң адамлар,
Атқан таң ҳәммеге мүбәрек болсын!

Таң саз берген сайын жулдыз азаяр,
Қуяшқа шыдамай ай да қыялар,
Пүтин бе баўырың, түўел ме қатар,
Атқан таң ҳәммеге мүбәрек болсын!

Батқан күн қайғыңды алсын да кетсин,
Жақынларың жаңа сәнеге жетсин,
Усы күни барлық кемисиң питсин,
Атқан таң ҳәммеге мүбәрек болсын!

Атқан таңға берген сәлем оң болсын,
Атқан таңға басқан қәдем оң болсын,
Жеткенлер жайнаған әлем оң болсын,
Атқан таң ҳәммеге
мүбәрек болсын!
Алпысбай
ИБАДУЛЛАЕВ.