ТУМАРИС АНАМЫЗ

(Массегетлер әлеминен қыялый елес)

Массегетти бабам дейип таныдық,
Болсадағы тарийхымда былғасық.
Биз қашан бир тарийхшыға жарыдық,
Кетти өтмиш өзгелерге жалғасып.
Басың көтер Тумариса анамыз,
Биз ҳақыйқый Массегетлер боламыз.
Кең далада жылдырымдай ат шаўып,
Зәңгимизге аяқ тиреп турамыз.
Аналары қылыш сермеп жүргенде,
Қыз әўлады пәренжеге кирген бе?!
Қалай ғана шыдап жүрсең ҳайранман,
Пүткил дүнья қылығыңа күлгенде.
Гүлайымлер, Тумарислер туўылмас,
Алпамыслар болып атыр қуўырмаш.
Әсирлердиң аржағында не гәп бар,
Арзыў, әрман сүрнигеди жуўырмас.
Кирдиң басын қанлы меске тығарсаң,
Сен қашандур кимлигиңди уғарсаң.
Мен Массегет даласында жуўырдым,
Қысымланған жүрегиңди сығарсаң.
Қамсықпаған көзинен жас шықпаған,
Өлген улын тек ишинен жоқлаған.
Пүткил ели Тумариске исенсе,
Өз халқының исенимин ақлаған.
Қарақалпақ миллетимен танып ал!
Тамырымда Массегеттиң қаны бар.
Тумариса бәршемиздиң анамыз,
Бул тарийхтан үлесиңди алып ал!
Тәғдийриңде талай-талай түн болды,
Сак, Массегет, печенеглер ким болды,
Жылнамашы сөйлемесең жыллардан,
Гедир-будыр қыялларым дөң болды.
Қыян-кести питпес өтмиш жарасы,
Шығыс пенен батыс жақтың арасы.
Тумариса оқтай шаўып баратыр,
Қыялымда Массегетлер даласы…
Абат Крамов,
Қанлыкөл районы.