А
бат Крамов Қанлыкөл районында 1973-жылы туўылған. 1991-жылы Қанлыкөл районындағы 7-санлы мектепти тамамлаған. 1992-1994-жыллары Самарқанд қаласында қураллы күшлер қатарында хызмет еткен. 1995-1999-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бөлиминде тәлим алған. 19
99-2004-жылға шекем Қарақалпақстан радиосының Қанлыкөл районы бойынша радиохабаршы болып ислеген. 2004-жылдан берли ден-саўлығына байланыслы өз үйинде.
2020-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Япырмай», 2021-жылы «Кең дала», «Ҳәўескерлер илҳамы» (поэзиялық авторлар топламы, алманах) китаплары «Авангард-баспа» сында жарық көрди.
2021-жылы Қырғызстан Республикасында шайыра Гүлсайра Момунова естелигине бағышлап өткерилген халық-аралық таңлауда Қарақалпақстан бойынша гран при жеңимпазы болды.
Еле де бир сазым бар шертилм
еген,
Кеўлимде керилмеген қос тарым бар.
Кеўилге шоқ боламан өртелмеген,
Сыр шашпас Қаратаўдай тасларым бар.
Суўлығым езиўимди жаралайды,
Сөз айтсам сөзимди қаралайды.
Қулаққа жараспаған үним шықса,
Билемен мени бәрше даралайды.
Тулпарлар баўыр жазып шапсам деген,
Жыраўлар кеўилге от жақсам деген.Шайырлар егитилип бозлай берер,
Халқыма жағар сөзди тапсам деген.
Қалайша ылай сөзди тындыраман,
Сөз айтып шөл кеўилди қандыраман.
Тилиме тосық болып қақпалаған,
Тислеримди биримлеп сындыраман.
Ишимде гүлдирмама гүркиреген,
Айтып болмас сөзлерим силкилеген.
Қалайынша шыдасып жасап жүрмен,
Ишимди бираз сөзим тилкилеген.
Қол созсам айды қолым илгендей ме?!
Базылар мени айтып күлгендей ме?!
Есерленип, толқынлап шайпатылсам,
Жаным халқым барымды билгендей ме?!
Мендағы гүлзарларда жайнап жүрсем,
Сөзимди көксиңизге жайлап жүрсем.
Мени де шайырым деп танырмедиң,
Халқым-аў өзиңди бир ойлап жүрсем.
